2024-жылдыӊ биринши шерегинде экономиканыӊ өсиў пәти 6,2 процентке шекем тезлести.
Орайлық банк берген дәслепки мағлыўматларға бола, есабат дәўиринде хызмет көрсетиў, усақлап сатыў саўда айланысы ҳәм қурылыс тараўларындағы жоқары өсиў пәтлери, сондай-ақ, өдирис ҳәм таў-кән санааты тараўларында инвестициялық жеделликтиӊ артыўы бақланған.
Сондай-ақ, мийнет базарында жумысшы күшине болған талап сезилерли дәрежеде артып бармақта. Бирақ, жумысшы күши усынысында белгили сегментация болып, жоқары маманлық тараўларында талаптыӊ толық қанаатландырылмай атырғаны бақланбақта. Бул болса, тийисли тараўларда мийнет ҳақыларыныӊ жоқарылаў өсиўине алып келмекте.
Сумныӊ реал алмасыў курсыныӊ динамикасы болса жылдыӊ басынан 0,9 процентке қәдирсизленип, узақ мүддетли тренди шеӊберинде қәлиплести. Сыртқы саўдада бирге ислесиўшилердиӊ миллий валюталары курслары ҳәм инфляциялары бойынша прогнозларын инабатқа алғанда реал алмасыў курсына салыстырмалы басымлар бақланбай атыр.
Жаӊаланған прогнозларға бола, ЖИӨ өсиўи жыл жуўмағына 5,2-5,7 процент аралығында болыўы күтилмекте.
«Экономикалық өсиўдиӊ жаӊаланған прогнозы халық ҳәм исбилерменлик субъектлери қәрежетлериндеги структуралық өзгерислердиӊ есабынан келешекте тутыныў талабыныӊ белгили мәнисте оптималласыўы менен байланыслы.
Ҳәзирги ўақытта, жеке меншик инвестицияларда жоқары белсендилик, фискал хошаметлеўлер ҳәм халық дәраматларыныӊ өсиўши динамикасы өткен жыллардағы сыяқлы быйылғы жылы да экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлайтуғын факторлар болады», – делинеди ОБ пресс-релизинде, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги