Халық хожалығында наўқан қуртын бағыў ҳәм пилле жетистириў әҳмийетли орын тутады. Бул тараў мәмлекетимиздиң экспорт имканиятын арттырыўда жетекши орынды ийелеп келмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 1-июнь күнги ПП-85-санлы пәрманы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының 2024-жылдың апрель айында «Пилле-2024-жыл» ушын алып барылып атырған илажлар режесиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Тақыятас районы «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйынында пилле жетистириў мәўсими басланыўына байланыслы илаж болып өтти.
Илажда район ҳәкими орынбасары Г.Бекбергенова, ҳаял-қызлар белсендилери, аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери, фермер хожалығы басшылары, мәҳәлле ақсақаллары қатнасты.
Онда пилле жетистириў усыллары, пиллекешлерге жаратылып атырған шараятлар ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги