Европа Аўқамы, GIZ басшылығындағы ЕА консорциумы, БМШ Раўажланыў бағдарламасыныӊ Ташкеттеги ўәкилханасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүрести күшейтиўге қаратылған үлкен басламаға старт берди.
Бул ҳаққында 19-апрель күни Ташкентте өткерилген әнжуманда мәлим етилди.

ЕА тәрепинен қарыжандырылған баслама өз-ара тығыз байланыслы еки жойбар шеӊберинде әмелге асырылады. «Инклюзив түрде коррупцияныӊ алдын алыў» жойбары GIZ басшылығындағы ЕА консорциумы тәрепинен «Регионаллық қарым-қатнас» ҳәм Латвия орайлық қаржы ҳәм шәртнамалар агентлиги менен биргеликте әмелге асырылады. Германия ҳүкимети менен биргеликте қаржыландырылған жойбардыӊ бюджети 4 млн 550 мыӊ евроны қурайды.

«Өзбекстанда коррупцияға қарсы миллий экосистеманы беккемлеў» деп аталған жойбар болса БМШ РБ тәрепинен 2,5 млн евро көлеминдеги бюджет пенен әмелге асырылады. 2024-2026-жылларға мөлшерленген жойбарлар Өзбекстанныӊ 14 ўәлаятын қамтып алады.

«Бул баслама Европа Аўқамы Өзбекстандағы үлкен реформалар бағдарламасын қоллап-қуўатлаўда даўам етип атырғанын аӊлатады. Коррупцияға қарсы гүреске қаратылған ис-ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў турақлы ҳәм әдалатлы раўажланыўды тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болады», – деди ЕАныӊ мәмлекетимиздеги елшиси Шарлотта Адриан ханым.

Өз гезегинде, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниӊ директоры Акмал Бурҳонов «Қалыслық рейтинги» басламасын енгизиў, коррупцияға қарсы гүресиў системасына санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти үгит-нәсиятлаў, пуқаралық жәмийети институтлары менен бирге ислесиўди күшейтиў сыяқлы үлкен көлемдеги жумыслар режелестирилгенин атап өтти.

ЕА делегациясыныӊ хабарына бола, жойбарлар коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ис-ҳәрекетлердиӊ әззи институционализациясы сыяқлы әҳмийетли машқалаларды, миллий ҳәм регионаллық айырмашылықты шешиўге қаратылған. Бул ис-ҳәрекетлер сезилерли нәтийжелерге алып келиўи, атап айтқанда, коррупцияға қарсы гүрестиӊ миллий механизмлерин беккемлеў, регионаллық ҳәм жергиликли дәрежеде қалыслық ҳәм ҳүжданлылықты арттырыў, пуқаралардыӊ белсендилиги ҳәм хабардарлығын күшейтиўи күтилмекте, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги