Президент Шавкат Мирзиёевқа 2024-жылғы меншиклестириў бағдарламасы ҳәм оныӊ орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Быйылғы жылы 16-январь күни экономиканы раўажландырыў мәселлери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Министрлер Кабинетине жаӊа меншиклестириў бағдарламасын таярлаў ўазыйпасы қойылған еди. Усыған тийкарланып, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларыӊ үлеслери ҳәм көшпес мүлк объектлери нәтийжелилик жағынан талланып, жаӊа бағдарлама ислеп шығылды.

Атап айтқанда, экономикада мәмлекеттиӊ қатнасыўын қысқартыў мақсетинде ғалабалық саўдаларға шығарылатуғын 250 ге шамалас үлеслер дизими, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардыӊ шама менен мыӊ көшпес мүлк объектиниӊ дизими, жергиликли фонд базарында акциялардыӊ ғалаба усынысы өткерилетуғын 12  кәрхананыӊ дизими қәлиплестирилди.

Алдын саўдаға шығарылған айырым имаратлардыӊ сатылыўында да машқалалар бар. Оны жеделлестириў ҳәм экономикада жеке меншик сектордыӊ үлесин арттырыў мақсетинде бир қатар жеӊилликлер берилмекте.

Мысалы, мәмлекетлик активлер 3 айда сатылмағанда (Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайларынан тысқары) олардыӊ басланғыш баҳасы 10 процентке шекем басқышпа-басқыш азайтылады. 2024-жыл 1-январьға шекем аукцион арқалы ижараға алғанына кеминде 5 жыл болған ҳәм миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге мәмлекетлик мүлкти баҳалаған көлемде сатып алыў усыныс етиледи.

Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары 3 айда сатылмағанда (Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайларынан тысқары) басланғыш баҳасы 30 процентке шекем, 6 айда сатылмағанда 10 процентке шекем азайтылады. Төлемлердиӊ 15 процентин 3 ай мүддетте, қалған бөлегин 10 жылға шекемги мүддетте бөлип-бөлип төлеў имканияты жаратылады.

Меншиклестириў бағдарламасына киргизилген көшпес мүлклердиӊ кадастр ҳүжжетлериндеги кемшиликлерди сапластырыў ушын төлемлерди Меншиклестириў қоры есабынан әмелге асырыўға рухсат бериледи.

Сондай-ақ, жаӊа бағдарлама шеӊберинде, исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысы ушын, халықаралық автомобиль жоллары бойында саўда ҳәм сервис объектлерин жайластырыў ушын саўдаларға шығарылатуғын жер участкаларыныӊ дизимлери қәлиплестирилди ҳәм оларды саўдаға шығарыў әпиўайыластырылды.

Бул бағдарда да жаӊа тәртиплерди белгилеў усыныс етилмекте. Атап айтқанда, мастер-реже тийкарында халықаралық әҳмийеттеги автомобиль жоллары бойында жайласқан жер участкалары заманагөй сервис ҳәм саўда-руўзыгершилик объектлерин қурыў ушын аукционға шығарылады. Сатылған жер участкалары сатып алыўшыға шеклеўлерсиз рәсмийлестирип бериледи.

Мәжилисте мәмлекет қатнасыўындағы ири кәрханаларды трансформациялаў ҳәм меншиклестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылып, оларды жеделлестириў бойынша усыныслар додаланды.

Аграр тараўға хызмет көрсететуғын мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды меншиклестириў илажлары да көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул процесслерди жеделлестириў, меншиклескен имаратлар тийкарында исбилерменликти раўажландырып, көбирек жумыс орынларын ашыў бойынша көрсетпелер берди.

Өзиниӊ тараўында жеке меншик сектордыӊ үлесин турақлы арттырып барыў,  нәтийжесиз пайдаланылып атырған ҳәм бос турған активлерди сатыў жергиликли ҳәкимлик ҳәм тармақ басшыларыныӊ тийкарғы ўазыйпаларынан болыўы керек екени көрсетип өтилди.

ӨзА