Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы менен биргеликте Нөкис “Мүриўбет” ҳаял-қызлар интернат үйинде “Меҳир көрсетейик” жойбары шеңберинде мәдений-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Онда Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң жуўапкер хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы, ӨзХДП фракциясының басшысы Халилла Ешимбетов кирис сөзи бенен ашты.

Атап өтилгениндей, жойбардың мақсети, партияның идеясы, мақсетлерин халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, программалық ўазыйпаларды әмелге асырыў, электорат мәплерин қорғаў, соның менен бирге, майыплығы болған шахслардың социаллық турмысқа интеграцияланыўы, олар өзлерин жәмийеттииң толық ағзасы екенлигин ҳәр қашан сезиниўине ерисиўден ибарат.

Буннан соң, интернат үйиниң директоры Лидия Ким Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси белсендилери ҳәм депутатлар бәрқулла хабар алып турытуғыны, биргеликте илажлар өткерип киятырғанлығы, соның менен бирге, бул жердеги емленип атырғанлардың қол мийнетинен исленген ҳәр түрли буйымлардың ярмаркасын шөлкемлестириў ҳәм басқа да илажлар өткерилип атырғанлығын айтып өтти.

Илаж даўамында мийманлар интернат үйиниң бүгинги күндеги жағдайы, олардың материаллық-техникалық тәмийнаты, көрсетилип атырған медициналық хызметлер менен танысты. Бул жерде емленип атырғанларға партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

Мәдений-ағартыўшылық илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.