Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәтине бола Италия Респбликасы Президенти Сержо Маттарелла 9-ноябрь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.

Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.



Сапар шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди.

Күн тәртибинен Өзбекстан менен Италия арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм тийкарғы бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған.

Өзбекстан Президентиниң усы жылы июнь айындағы Италияға сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылады.

Халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылады.

Саммит жуўмағында бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлердиң қол қойылыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, Президент Сержо Маттарелла Самарқанд ҳәм Ҳийўа қалаларына барып, Өзбекстанның мәдений-тарийхый мийрасы менен танысады.

ӨзА