Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиӊ он алтыншы саммитинде қатнасқан Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон мәмлекетимизге сапарын жуўмақлады.
Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа рәсмийлер шығарып салды.
Еслетип өтемиз, саммит шеӊберинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен сойлесиўлер өткерди.
Мәмлекет басшылары еки мәмлекет арасындағы жақсы қоӊсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм бирлеспелик қатнасықларды және де беккемлеў мәселелерин додалады.
Икром Аввалбоев, Носиржон Ҳайдаров(сүўрет), ӨзА