Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлигиниӊ мағлыўматларына бола, 2023-жылдыӊ 1-октябрь жағдайында республикамыздыӊ турақлы халқы 36 599 764 ти қураған.

Республикамыздыӊ турақлы халқыныӊ саны өткен жылдыӊ сәйкес дәўири менен салыстырғанда 2,2 % ке артқан.

Мәмлекетимиздиӊ халқы 2023-жылдыӊ басынан берли 574,8 мыӊ адамға көбейген.

Өзбекстанныӊ халқы 2023-жылдыӊ ҳәр бир айында орташа 63,9 мыӊ адамға артқан.

2023-жылдыӊ ҳәр бир күнинде турақлы халықтыӊ саны орташа 2,1 мыӊ адамға көбеймекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги