Өзбекстан ат спорты тарийхында ең дәслепки Өзбекстан ўәкили болған Баҳромжон Ғозиев Азия ат спорты федерациясы вице-президентине айланды.

Ханчжоу—2022 шеңберинде өткерилип атырған ат спорты жарысларынан соң Тогнлу қаласында Азия ат спорты федерациясының гезексиз улыўмалық ассамблеясы болып өтти. Бас Ассамблея күн тәртибинен Азия ат спорты федерациясы вице-президентлерин сайлаў мәселеси орын алған еди. Бундай жоқары лаўазымға талабанлар арасында Өзбекстан ўәкилинен тысқары Қытай, БАӘ, Қубла Корея, Ливия ҳәм Иран ўәкиллери де бар еди.

Бир неше тур қызғын өткен даўыс бериў процесинде Баҳромжон Ғозиев БАӘ, Иран ҳәм Қытай ўәкиллеринен көбирек даўыс топлаўға миясар болып, Азия ат спорты вице-президенти лаўазымына сайланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги