Гүлпери Шымбай районында туўылса да Нөкисте өсти. Буның себепшиси әкеси Рашид. Ол  перзентлериниң илимли, билимли болыўын қәлеп пайтахтқа көшип келди. Гүлпери дәслеп 37-санлы улыўма билим бериў мектебинде тәлим-тәрбия алды, соңынан Нөкис экономика колледжинде оқыўын даўам етти.

– Әкем мениң менен узақ сөйлеспейтуғын еди. Бирақ, ол нени жақсы көретуғынымды, қайсы кәсипке қызығатуғынымды сезди,-деп гәп баслады Гүлпери. – Шет тилин үйрениўди қәлейтуғынлығымды, өзим билген инглис тилиндеги қосықларымды айтып бергенимде оның көзлери қуўаныштан жайнап кетти.

Рашид қызынын экономист болыўын қәлеген. Бирақ, Гүлпериниң тил үйрениўге болған ықласын көрип, кәсип таңлаўда еркинликти перзентине қалдырыўды мақул көрди, қосымша сабақларға қатнаўына имканият жаратып берди. Нәтийже жаман болмады, Ол 2019-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты бағдарына оқыўға кабыл етилди.

Бул шаңарақтағы биринши қуўанышы еди.

Гүлпериниң излениўшеңлигин, зийреклиигин сезген устазы филология илимлериниң кандидаты, доцент  Дилбар Хожиева илимий мақала жазыўын сынап көрди.

– Биринши мақаласы «Филология ҳәм шет тиллерди оқытыўдың әҳмийетли мәселелери» атамасындағы илимий мақалалар топламында басып шығарылды,-дейди устазы Д.Хожиева. – Халықаралық ҳәм республикалық көлемде өткерилген илимий-әмелий әнжуманларда да белсендилик көрсетти.

Оның Голландиядан шыққан мақаласы  “Linguocultural aspect of fictional text in English and Karakalpak” деп аталып, Гүлпери халықаралық конференцияға қатнасқаны ушын сертификат алды. Буннан кейин оның мақалалары пүткил дүнья бойлап таралды. Атап айтқанда, АҚШ, Россия. Польша… Гүлпери мақалаларын ингис тилинде еркин жаза алады. Бул оның жетискенлиги.

Шынында да, Гүлпери Қурбанбаева инглис тилин оқытыў бағдарында өз пикирине ийе. 2021-жылы Россия Федерациясының Киров қаласындағы  «На пересечении языков и Культур: Актуальные вопросы гуманитарного знания» атлы илимий журналында “Important type of shortenings as abbreviations” атамасындағы илимий мақаласы басып шығарылды. Сондай-ақ, “Asian Journal of Research in Social Sciences and humanities”  халыкаралық илимий-әмелий журналында “Structural- semantic peculiarities of compound nouns in English and Karakalpak” мақаласы шықты. Ал, «Илим ҳәм жәмийет» журналында шыққан мақаласы “ Pragmatic intention to attract readersי attention in English and Karakalpak literature” деп аталады. Кейин ала АҚШ тың Нью-Йорк ҳәм Англияның Манчестер қалаларында өткерилген “A Conference for the future graduates and educators” ва “International Multidisciplinary Conference” халыкаралық илимий конференцияларына илимий мақалалары менен қатнасқанда да ата-анасы ҳәм устазының қоллап-қуўатлаўын сезинип турды.

– Узақ излениўлери босқа кетпеди,–дейди устазы. – 2021-жылы оның дәслепки оқыў методикалық қолланбасы “Little English Reader” атамасында шықты. Шәкиртимнен кеўлим тоқ. Келешекте магистратурада оқыўын даўам еттирсе, жаңа жойбарлар бойынша бирге ислеўди нийет еткенбиз.

Гүлпери Қурбанбаева жас болыўына қарамастан усындай дәрежедеги илимий табысларға еристи. Оның мийнетлери босқа кетпеди. Ол Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендияның жеңимпазы болды.

– Факультетимизде илимге талпынған жаслар көп,-дейди Шет тиллери факультетиниң деканы Жабат Қурбанбаев.- Быйлығы оқыў жылында жети студентимиз мәмлекетлик стипендиялардың жеңимпазы болды. Соннан төрт студент – Наўайы атындағы мамлекетлик стипендияның ийелери. Әлбетте, Өзбекстан көлеминде табысқа ерискен жасларымыз бенен мақтанамыз.

Гүлпери Қурбанбаева тек факультеттиң емес, университеттиң де мақтанышы. Қолға киргизген табыслар оның келешекте және де үлкен режелер дүзиўине түртки болмақта. Келешекте магистратура ҳәм докторатурада оқыўын шет елде даўам етиў нийети бар.


Заманагөй тәлим системасын раўажландырыў, жоқары оқыў орынларында жас кадрларды сапалы инклюзив оқытыўды раўажландырыў ҳәм оған қойылатуғын талаплар, креатив идеялар, усыныслар ҳәм шешимлер өз нәтийжелерин берип атырған дәўирде «Келешек – жаслардики» деген пикирдиң қаншелли дурыс екенлигине исеним оянады.

Солай екен Гүлперидей жаслардың қатары көбейе берсин, деген   тилектемиз.

Әсем Есенгелдиева,

Мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик

пенен байланыслар кәнигелигиниң

1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги