Нөкис районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт комплексинде «Кеўилли стартлар» телевизиялық ойынларының районға кирип келиўине 40 жыл толыўы ҳәм райондағы усы ойынлардың тийкарын салыўшылардың бири, спорт жанкүйери, марҳум спортшы М.Нуржановтың естелигине бағышланған ашық турнир болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Ашық турнирге Нөкис қаласы, Беруний, Қоңырат, Қанлыкөл районлары ҳәм майдан ийелеринен дүзилген улыўма орта билим бериў мектеплериниң 4-8-класс оқыўшыларынан ибарат 6 команда қатнасты.

Жарыс жуўмағында Нөкис районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Ақмаңғыт» командасы турнир кубогин жеңип алды. Екинши орын райондағы 21-санлы улыўма билим бериў мектеби командасына несип еткен болса, 3-орынды Қанлыкөл районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектеби командасы ийеледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги