Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў тәртибин және де жетилистириў ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң “Ҳуқуқий ахборот” каналы мәлим етти.
Қарар тийкарында тастыйықланған Жоқары оқыў орынларының бакалавриатына оқыўға қабыл етиў ушын кириў тест сынақларын өткериў тәртиби ҳаққындағы уставқа тийкарланып:
– оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы арзалар ҳәр жылы 15-июньнан 15-июльға шекем қабыл етиледи;
– тест сынақлары ҳәр жылы 1-августтан 15-августқа шекем, күнине еки сменада өткериледи. Бунда биринши смена 8:00 де, екинши смена 15:00 де басланады;
– абитуриент тест сынақлары өткерилетуғын күни бинаға тийисли аймаққа 07:00 (екинши смена саат 13:00)ге шекем, бинаға саат 07:30 (екинши смена саат 13:30) ға шекем тек ғана абитуриент руқсатнамасы ҳәм паспорты менен шахсты идентификациялаў қураллары және видеофиксация қурылмалары арқалы тәртипли рәўиште кириўи керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги