Бүгин елимиздиң қала ҳәм аўылларында халқымыздың сүйикли байрамы есапланған Наўрыз әййямы көтериңки руўхта белгиленбекте.

Тақыркөл аўыл пуқаралар жыйыны Шерназар бақсы елатында жайласқан 18-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жәмәәти де халқымыздың миллий байрамын шөлкемлескенлик пенен өткерди. Онда мектеп директоры О.Шерназаров, директордың руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Д.Қосназарова ҳәм аўыл нураныйлары шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Наўрыз байрамы менен қутлықлады.




Буннан соң байрамда миллий тағамлар ҳәм қол өнери буйымларының көргизбеси өткерилип, олар тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды ҳәм жеңимпазлар Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшылары тәрепинен халқымыздың үрп-әдет, дәстүрлери тийкарында таярланған саз-сәўбетли, сахналастырылған концерт бағдарламасы қойып берилип, илаж қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы