Миллий мәдениятымыз ҳәм көркем-өнеримиз пидайысы Бахтияр Сайфуллаев мийирман, кеңпейил инсан, жақсы шөлкемлестириўши, күйгелек устаз еди. Пайтахтымыздағы Өзбекстан Миллий кино көркем өнери сарайында «Бахтияр Сайфуллаев. Соңғы демине шекем» деп аталған ҳүжжетли фильмниң презентациясы болып өтти.
Фильм презентациясында Олий Мажлис Сенаты ағзалары, түрли министрлик ҳәм уйымлар жуўапкерлери, дөретиўши зыялылар, илимпазлар, руўхыйлық үгит-нәсиятшылары, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.
Өзбекстан Кинематография агентлиги директоры, әдебияттаныўшы илимпаз Шуҳрат Ризаев бул ҳүжжетли фильмниң жаратылыў тарийхы, Бахтияр Сайфуллаевтың инсаныйлық пазыйлетлери ҳаққында толық айтып берди.
– Айрым фильмлерге ат табыў жүдә қыйын болады, – деди Ш.Ризаев. – Бирақ бул фильмге атама қойып атырғанда Бахтияр ағаның енди ғана қәлиплесип, өмириниң ақырына шекем Ўатанамыз, миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиз раўажына арнаған өмирин көз алдымызға келтирип, оны «Бахтияр Сайфуллаев. Соңғы демине шекем» деп атадық. Усы илаж қатнасыўшылары Бахтияр аға менен байланыслы нурлы естеликлерди ядқа алыўы тәбийий. Бахтияр аға устазларына меҳирли ҳәм садық болғаны себепли өзлери де үлкен сыйласық тапты. Олар жүдә нурлы, ибратлы өмир кеширди. Фильмди жаратыў процесинде режиссёр Мураджан Одилов Москва, Санкт-Петербург, Бишкек сыяқлы қалаларға барып, Бахтияр ағаның дослары менен сәўбетлер қурды.
– Жоқары оқыў орнына кириўимде Бахтияр ағаның үлеслери үлкен болған, – деди Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков. – Сол ўақытта дөретиўшилик имтиҳаннан жақсы баҳа алған болсам-да, тест сынақларынан нәтийже кеўилдегидей емес еди. Сонда Бахтияр аға, «бул институтта сен оқымасаң ким оқыйды?!», деп мени оқыўға қабыллаған еди. Билимлендириў процессинде де, мәденият министрлигинде жумыс баслағанымда да маған үлкен исеним билдирген еди. Мәденият тараўындағы нызамшылықты, басқарыўда 10 жыл даўамында үйрениўим керек болған билимлерди қысқа пурсатта үйрендим. Бунда Бахтияр ағаның хызметлери жүдә үлкен болды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығы Наримон Умаров жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелерине тийиси нызамшылықтың қабыллаўында Бахтияр Сайфуллаевтың үлеслери үлкен болғанын атап өтти.
Айтыў керек, Бахтияр Сайфуллаев 1951-жылы 1-апрельде Ташкент қаласында туўылған. Орта мектепти тамамлағаннан кейин, Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүўретшилик институты (ҳәзирги Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәеният институты)ды драма театры ҳәм кино актёры қәнигелиги бойынша тамамлады.
Мийнет жумысын 1972-жылы Республика жас тамашагөйлер театры актёры ҳәм режиссёры сыпатында баслады. Соңынан Ташкент мәмлекетлик мәденият институты үлкен оқытыўшысы, факультет деканы орынбасары, факультет деканы ўазыйпаларында мийнет етти. Санкт-Петербург мәмлекетлик мәденият институтында кандидатлық жумысын қорғағаннан кейин, Ташкент мәмлекетлик мәденият институтында педагогикалық жумысын даўам еттирди.
Өз жумысы даўамында Бахтияр Сайфуллаев республика көлеминде ғалабалық мәдений илажларды шөлкемлестириў бойынша шебер режиссёр сыпатында танылды.
Наўрыз, Ғәрезсизлик байрамлары, түрли мәмлекетлик көлеминдеги концертлер, музыкалық илажлар, жас дөретиўшилер ушын көплеген таңлаўларды шөлкемлестириўде пидайылық көрсетти.
Устаз дөретиўши 2005-2020-жыллары мәденият министриниң биринши орынбасары, мәденият министри сыяқлы лаўазымларында нәтийжели мийнет етти. Профессор Бахтияр Сайфуллаев 2012-2020-жыллары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтында, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясында ректор сыпатында жумыс алып барды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың пәрманына муўапық 2020-жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы етип тайынланды. Сенаттың Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети баслығы лаўазымындағы жумысы даўамында мәмлекетимизде мәденият ҳәм жаслар сиясатын әмелге асырыў. Физикалық тәрбия ҳәм спорт тараўын раўажландырыў, бул бағдардағы ҳуқықый базаны және де жеделлестириўде нәтийжели мийнет етти.
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Ақсақаллар кеңеси ағзасы – Өзбекстан ўәкили Бахтияр Сайфуллаев мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыў, мәдений дипломатияны раўажландырыў, миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди дүнья көлеминде ен жайдырыўға мүнәсип үлес қосқан.
Бахтияр Сайфуллаевтың ғәрезсизлигимиздиң руўхый тийкарларын беккемлеў, жаслар қәбилетин жүзеге шығарыў, оларды ҳәр тәрептен қоллап-қуўатлаў, бәркамал әўлалдты тәрбиялаў бойынша хызметлери жоқары баҳаланып, устаз дөретиўши «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» ҳүрметли атағы, «Мийнет шухраты» ордени ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы көркем-өнер ғайраткери» атағы менен сыйлықланды. Сондай-ақ, ТУРКСОЙ шөлкеминиң «Алтын медалы» сыйлығы менен сыйлықланған еди.
Ҳүжжетли картинада белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, дөретиўшилер, абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары, устаздың шәкиртлери Бахтияр Сайфуллаев ҳаққындағы жарқын естеликлери менен ортақласты. Фильмде халқымыздың пидайы, қарапайым бир оқымыслы адамның шын инсаныйлық пазыйлетлери, басшылық, шөлкемлестириўшилик, устазлық пазийлетлери, үлгили шаңарақ баслығы, мийирман ата сыпатындағы тәреплери жүдә тәсиршең ҳәм мазмунлы ашып берилген.
Кинематография агентлигиниң Ҳүжжетли ҳәм хроникал фильмлер студиясында сүўретке алынған бул фильм продюсери – Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист Фирдавс Абдухолиқов. Картина сценарий авторы – Азизбек Турдиев. Режиссёр – Муроджон Одилов.
«Бахтияр Сайфуллаев. Соңғы демге шекем» деп аталған ҳүжжетли фильмниң презентациясында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султонов қатнасты.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзА хабаршысы