Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Балалар қоры – UNICEF атқарыўшы директоры атқарыўшы Кетрин Рассел айтыўынша, кейинги 48 саат ишинде Израил армиясы Жабалия қаласында жүзлеген адамлар баспана тапқан еки имаратты ўайран еткен. Улыўма, қамалдағы Газа секторы арқа аймақларына кейинги ўақытта уйымластырылған ҳүжимлер себепли 50 ден аслам бала набыт болған. Сондай-ақ, Израил вертолёты UNICEF хызметкери жеке автомобилине ҳүжим еткени ҳаққында хабар тарқалды. Буның нәтийжесинде машина зыянланған. Итибарлысы, ҳеш ким жарақат алмаған. Буннан тысқары Шайх Ридвон аймағында емлеў клиникасы жақынында кеминде үш бала жарақат алған.
Расселл қоры хызметкерлерине исленген ҳүжимди тезлик пенен тексериў, айыпкерди жуўапкершиликке тартыў, ағза мәмлекетлерди балалар қорғаўы ҳәм халықаралық ҳуқыққа ҳүрмет көрсетиўди тәмийинлеў ушын өз тәсиринен пайдаланыўға шақырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги