1-ноябрь күни Ҳүкимет қарары менен Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлыққа талабанларды таңлаў ҳәм олардың ҳүжжетлерин усыныс етиў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Оған бола, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық талабанларын таңлаў, олардың ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәм усыныс етиў тәртиби соның менен бирге, бағдарлар бойынша талабанлардың жетискенликлери, илимий-дөретиўшилик ҳәм әмелий жумысларын баҳалаў нормалары белгиленди.

Талабанлар 8 бағдар – илим, билимлендириў, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары ҳәм жәмийетшилик жумысы бойынша таңлаўлар арқалы сайланады.

Сыйлық социаллық белсендилиги ҳәм таланты менен теңлеслерине өрнек болып киятырған 14 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған талантлы ҳаял-қызларға оқыў ҳәм мийнет жолындағы жетискенликлери ушын бериледи.

Бағдарлар бойынша ҳәр бир орынға мүнәсип талабанларды таңлаў төмендеги басқышларда әмелге асырылады:

– район (қала)лық басқышы – 2-сентябрьден 20-октябрьге шекем;

– Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқышы – 21-октябрьден 30-ноябрьге шекем;

– республикалық басқышы – 1-декабрьден 31-декабрьге шекем өткериледи.

Сыйлық ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының 2 еўден ўәкиллерине – жәми 28 талабанға бериледи.

Сыйлы орын ийелерине сыйлықлаў ҳаққындағы диплом, көкирек белгиси ҳәм БЕМниң 50 есеси муғдарындағы ақшалай сыйлық ҳәр жылы 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни алдында салтанатлы түрде тапсырылады.

ӨзА