Мүнәсибет
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында келеси жылда исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыўға еле де көбирек итибар қаратылыўын атап өтти. Еркин базар механизмлерин енгизиў, саламат бәсеки ҳәм жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў Конституцияда айрықша орын ийелеўи кереклиги атап өтилип, жуўапкер тараў ўәкиллерин оларға жәрдемлесиўге, жумысларындағы ҳәр қандай тосқынлықларды сапластырыўға шақырды.
Бюджет қәрежетлери, халық ҳәм исбилерменлер алдындағы миннетлемелер қысқартырылмаған ҳалда, бизнеске салық жүгиниң азайтылыўы бул тараўды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған реформалардың және бир жарқын көриниси болды. Ендигиден былай, районлардың экономикалық раўажланыўы категорияға қарап белгиленип, исбилерменлер ушын берилип атырған субсидия ҳәм кредитлер, компенсациялар да соған муўапық ажыратылады. Салық ставкалары да ҳәр қыйлы болыўы белгиленди.
Мәселен, шараяты ең аўыр болған 20 район ушын айланыстан алынатуғын салық, пайда салығы, социаллық салық ставкалары 1 процент муғдарында белгиленип, усы районлардағы исбилерменлер жер ҳәм мүлк салықлары бойынша есапланған сумманың тек ғана 1 процентин төлейди. Жеке исбилерменлер қатаң ставкадағы салықларды төлеўден азат етиледи.
Тап сондай, басқа категориядағы районларда кредитлерге азайтылған процент ставкаларын қолланыў, инфраструктура қәрежетлерин мәмлекет тәрепинен қаплап бериў сыяқлы бир қатар жеңилликлер бериледи. Бул усыныс өз жумысларын раўажландырыў арқалы жумыс орынларын көбейтиўди мақсет еткен, бирақ, айырым машқалаларға дус келип атырған исбилерменлердиң тилек ҳәм өтинишлерин әмелге асырыўға үлкен жәрдем береди.
Айырым жағдайларда исбилерменлердиң жумысларында ҳәр қыйлы факторлар тосық болыўы ақыбетинде бир қатар машқалалар пайда болмақта. Мүрәжатта бул мәселелерге де тоқталып, қаншелли аўыр болмасын, экономикалық реформаларды исенимли даўам еттириў, ишки имканиятларды толық жумсап, жеке меншик секторды және де қоллап-қуўатлаў ўазыйпаларына тоқталып өтти. Бул ушын, ең дәслеп, исбилерменлик орталығын барған сайын жақсылаў бойынша реформаларды жеделлестириў зәрүр.
Мүрәжатта тағы бир тийкарғы мәселе – исбилерменлик саласында жуўапкершиликти жеңиллестириў бойынша реформалардың жедел даўам еттирилиўи белгиленди. Бул өз гезегинде исбилерменлигин жаңадан басламақшы болған пуқаралардың ҳәр түрли бюрократиялық тосықларға дус келместен, тез ҳәм аңсат жумыс баслаўына имканият жаратады.
Ҳақыйқатында да, Мүрәжатта белгиленген ўазыйпа ҳәм билдирилген басламалар елимиздеги исбилерменлер ушын еле де кең көлемли имканиятлар есигин ашып береди. Себеби, исбилерменликти финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслардың басқышпа-басқыш даўам етилиўи халықтың абаданлығын тәмийинлеўде оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Руслан Джумамуратов,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги