Қарақалпақтан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен алкоголь өнимлерин жасалма усылда жасырын ислеп шығаратуғын цехлардың жумысына шек қойылды.
Басқарма тәрепинен “Алкоголь өнимлерин жасырын ислеп шығарыў ҳәм нызамсыз рәўиште сақлаў менен шуғылланыўшы шахслардың жумысына шек қойыў” бойынша дүзилген оператив жумысшы топар тәрепинен Хожели районында илаж өткерилди.
Нәтийжеде усы районда жасаўшы пуқараның жасаў мәнзили белгиленген тәртипте көзден өткерилгенде, усы үйде жасырын цех анықланып, оннан баҳасы 69 миллион 786,4 мың сумлық 697 литр спирт, 12 мың дана қәлбеки акциз маркасы, 1 мың 234 дана “Қаратаў” алкоголь өниминиң этикеткаси, 17 мың дана капсула, 7 мың 760 дана бос шийше ҳәм жасалма усылда алкоголь өнимлерин таярлаўда пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер айғақлы дәлил ретинде алынды.
Жасалма усылда таярланған алкоголь өнимлериниң нызамсыз рәўиште айланыста болыўы менен байланыслы гезектеги жағдай басқарманың Контрабандаға қарсы гүресиў бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен Кегейли районында анықланды.
Өткерилген оператив илаж даўамында алдын ала бақлаўға алынған “Орландо” маркалы автотранспорт қуралында пуқара ҳәр бири 0,5 литрден болған 600 шийше, жәми 300 литр “Қаратаў” алкоголь өнимин “шәртли қарыйдарға” жәми 11 миллион 500 мың сумға сатып атырғанында қатнасыўшылар тәрепинен тоқтатып қалынды.
Бул жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы