Нөкис қаласындағы Саўда санаат палатасы имаратында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың исбилерменлерди жеке қабыллаўы болып өтти.

Онда исбилерменлердиң тийкарынан бизнести қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыўды әпиўайыластырыў, сондай-ақ, исбилерменлик жумысын жетилистириўде ушырасып атырған бюрократиялық тосықлар, айырым хызмет көрсетиў жөнелислериндеги исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў бойынша мүрәжатлары тыңланып, орнында шешим табыў илажлары көрилди.




Экономиканың турақлы өсимин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик ушын қолайлы шараятларды жаратыў, бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар бүгин экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўларды жаңа басқышқа көтериўге қаратылған әмелий жумысларда өз сәўлелениўин таппақта. Президентимиз тәрепинен усы жылдың 31-август күни қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманында қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын бир қатар жеңилликлер жаратылған.

Билдирилген мүрәжатлар бойынша орнында шешимин табыў илажлары көрилип, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынды. Оларды тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, келген барлық исбилерменлердиң пикирлери тыңланып, жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар ҳәр қандай бизнес жүргизиўши қоллап-қуўатланыўы атап өтилди.





Қарақалпақстан хабар агентлиги