Украинадағы жағдай себепли Берлин Варшавага “Патриот” ракеталарына қарсы қорғаў системасын жеткериўи мүмкин екени фонында Германия ҳәм Польша арасында жүзеге келген кескинлик НАТО ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлериниӊ бирлигин бузбақта, деп жазды “The New York Times” газетасы.
Баспа Берлин ҳәм Варшава арасындағы қатнасықтыӊ бузылыўы Германияның Польшаға “Патриот” жеткерип бериўи менен байланыслы, алдын поляклар буған келисим берген еди, деп атап өтеди. Кейин болса Варшава Германия ушын да мақул көрилген “батареяларды батыс Украинаға орналастырыў керек”, себеби бул қуралларды НАТО қәнигелери басқарады”, деген.
Алдынырақ “Reuters” агентлиги Германия Қорғаныў министрлиги ўәкилине сүйенип, Берлин ҳәм Варшава Польшада “Патриот” системасын жайластырыў бойынша келисим ҳаққында хабар берген еди.
ӨзА