Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында қала ҳәм районларда жайласқан меншиклестирилиўи белгиленген мәмлекетлик активлер, атап айтқанда, кәрханалардағы мәмлекетлик үлес, бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм сатылыўы белгиленген жер участкаларының гезектеги “Roadshow” презентациясы өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген илажда жергиликли ҳәкимликлер, қала ҳәм районлардағы ири кәрханалардыӊ ўәкиллери ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Агентлик қәнигелери тәрепинен қатнасыўшыларға “E-auksion” электрон саўда платформасынан пайдаланыў бойынша шеберлик сабағы өткерилип, онда жеке кабинет ашыў, онлайн электрон имза алыў ҳәм саўдаларда қатнасыў ушын арза бериў тәртиби ҳәм теориялық ҳәм әмелий жақтан түсиндирилди.
“Roadshow” презентациясы шеӊберинде исбилерменлер ғалабалық саўдаларға шығарылған 102 мәмлекет ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы хожалық жәмийетлери активлери ҳәм 2115 жер участкасы және ижараға берилиўи режелестирилген 524 мәмлекетлик мүлк пенен танысты.
Буннан тысқары, бурыннан турақлы пайдаланыў ямаса өмирлик ийелик етиў ҳуқықы тийкарында өзлерине тийисли болған аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын меншиклестирип алған еки пуқараға мүлк ҳуқықын тастыйықлаўшы мәмлекетлик ордер салтанатлы жағдайда тапсырылды ҳәм бул процесстиӊ тәртиби түсиндирилди.
Сондай-ақ қатнасыўшыларға меншиклестириў бағдарламаларына муўапық, ғалабалық саўдаларда сатылыўы белгиленген ҳәм саўда процесиндеги мәмлекет активлери, соныӊ ишинде, қала ҳәм районлардағы ири активлер, административлик ҳәм өндирислик имаратлар сыяқлы объектлер ҳәм жер участкалары туўралы мағлыўматлар берилди.
Илаж даўамында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги директорыныӊ орынбасары Қ.Ҳакимов, аймақлық басқарма баслығы М.Раджапов ҳәм басқалар, илаж қатнасыўшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.
Илаж қатнасыўшылар ушын Нөкис қаласы ҳәм Тақыятас районларында жайласқан ғалабалық саўдаларға шығарылған мәмлекетлик мүлк объектлерине пресс-тур шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги