Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Байрам салтанатына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, нуранийлар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Конституция–бул ҳәр бир мәмлекеттиң миллий ҳуқық системасының тийкарын қураў менен ол мәмлекетлик қурылыс, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыўды шөлкемлестириў принциплерин, жәмийетлик турмыстың өлшемлерин өзинде жәмлеўи менен әҳмийетли саналады.

Елимиздиң ғәрезсиз раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, әлбетте жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, социаллық-экономикалық тараўларда ерисилип атырған жоқары нәтийжелер,  халқымыздың абадан ҳәм бахытлы турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар – булардың барлығы тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканият екенин еле де тереңирек аңлаймыз.

Бәршемиз мақтаныш ететуғын Конституциямыз ғәрезсизлигимизди буннан былай да беккемлеўдиң, елимизди раўажландырыўдың, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўдиң беккем тийкары сыпатында турмысымызда айрықша орын ийелейди. Себеби тийкарғы Нызамымыз елимизди жаңаша раўажландырыў жолы менен алға қойған мақсетлеримизди, инсанлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, азат ҳәм абат, тыныш-татыў жасаў принциплерин өзинде жәмлеўи менен айрықша әҳмийетли саналады.

Бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар халқымызды шын мәнисинде разы етиўге беккем тийкар жаратпақта.  Әсиресе, елимиздиң басшысы тәрепинен  усы жылдың 31-күни қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик , инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге, исбилерменликти буннан былайда раўажландырыўға, олар ушын қолайлы шараятлардың жаратылыўына ҳуқықый тийкар жаратпақта.

Сондай-ақ, Президентимиздиң усы жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былайда жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыздағы 252 пуқаралар жыйынында 293,7 миллиард сумлық 259 жойбардың әмелге асырылыўы белгиленген.

Халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысының исенимли кепили болған Конституциямыз қабыл етилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық, сиясий, социаллық , илимий, руўхый потенциалын арттырыў жолында хызмет етип атырған Ўатанласларымыздың қатарында бизиң республикамыздан 1300 ден аслам жерлесимиз «Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев бир топар сыйлықланғанларға естелик белгисин тапсырды.




Байрам қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

Салтанатлы мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.








Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы