«Ақорда» резиденциясында Қытай Халық Республикасы Баслығын  салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти, деп хабар бермекте Қазаақпарат.

«Ҳүрметли қараўыл баслығы мәмлекет басшыларына рапорт берди, сондай-ақ, Қазақстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы гимнлери жаңлады», делинеди хабарда.

Буннан соң, Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Си Цзиньпинниң сөйлесиўи болып өтти.

Онда транспорт-логистика, азық-аўқат, кәсип-өнер, аўыл хожалығы тараўлары менен байланыслы ҳәм басқа да мәселелер ҳаққында сөз болды.

Еслетип өтемиз, жақын ўақыт ишинде Қытай Халық Республикасы Басшысының мәмлекетимизге рәсмий сапары да күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги