«Ақорда» резиденциясында Қытай Халық Республикасы Баслығын салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти, деп хабар бермекте Қазаақпарат.
«Ҳүрметли қараўыл баслығы мәмлекет басшыларына рапорт берди, сондай-ақ, Қазақстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы гимнлери жаңлады», делинеди хабарда.
Буннан соң, Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Си Цзиньпинниң сөйлесиўи болып өтти.
Онда транспорт-логистика, азық-аўқат, кәсип-өнер, аўыл хожалығы тараўлары менен байланыслы ҳәм басқа да мәселелер ҳаққында сөз болды.
Еслетип өтемиз, жақын ўақыт ишинде Қытай Халық Республикасы Басшысының мәмлекетимизге рәсмий сапары да күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги