Усы жылы 18-май күни Өзбекстан «Адолат» социалдемократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң гезектеги VII  пленумы болып өтти.

Онда партияның республикалық, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте партияның сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша  Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң 2021-жылдағы әмелге асырған жумысы ҳәм «Раўажланыў стратегиясы»нан келип шығып,  2022-жылда алып барылатуғын жумыслары бойынша есабаты ҳәм басқа да мәселелер көрип шығылды.

Күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергеновтың баянаты тыңланды.

Өткен жылы нәзерде тутылған әҳмийетли ўазыйпаларды турмысқа енгизиў мақсетинде ислеп шығылған партиялық жойбарлар шеңбериндеги әмелий жумысларға да итибар қаратылды. Усының нәтийжесинде партияның халық арасына кирип барыўы ҳәм халық пенен тиккелей байланыс орнатыўы тәмийинленди.

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси өткен 2021-жылда өз жумысын партияның 2020-2024-жылларға мөлшерленген Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша ислеп шығылған «Жол картасы»на муўапық алып барды.

Есабат дәўиринде барлық қалалық ҳәм районлық Кеңеслери  тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың мониторинги жүргизилип, олар тийкарында Кеңеслердиң шөлкемлестириў-идеологиялық жумысы муўапықластырылды.

2021-жыл даўамында жәми 44 басланғыш партия шөлкеми жаңадан шөлкемлестирилип, партия қатарына 6395 ағза жаңадан қабыл етилди.

Партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслери тәрепинен бир қатар жойбарлар тийкарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, «Сиясий-ҳуқықый билимлерди беккемлеў-демократиялық жәмийет тийкары» атамасындағы жойбар  шеңберинде партияның лекторлары тәрепинен 382 мәрте сиясий оқыў шөлкемлестирилип, оларға  4762 қатнасыўшы қамтып алынды.

«Машқала менен жүзбе-жүз» жойбары тийкарында партияның жумысшы топары тәрепинен жәми 381 пуқаралар жыйыны аймағындағы 3576 шаңарақ ҳәм 381 хожалық жүргизиўши субъект үйренилди. Ушырасыўлар даўамында пуқаралар тәрепинен 472 мүрәжат келип түскен болса, олар бойынша 114   жуўапкер шөлкемге депутатлық сораў жиберилди. 92 мүрәжат тийисли жуўапкер уйымларды тартқан ҳалда, 272 мүрәжат  ҳуқықый түсиник бериў арқалы шешимин тапты.

Есабат дәўиринде Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы аймақлық ҳәм жергиликли Кеңеслериниң басламасы менен «Бир айда бир жумыс орны» жойбары шеңберинде 35 адам жумысқа орналастырылды.

Өткен жыл даўамында Халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслериндеги партия депутатлық топарлары тәрепинен сессия мәжилислериниң күн тәртибине 60 мәселе киргизилди.

Деген менен, партияның айырым районлық Кеңеслериндеги депутатлық топарлары сессиялар ҳәм турақлы комиссияларға бир де мәселе ямаса усыныс киргизе алмағанлығы кескин сынға алынды. Соның менен бирге, көпшилик районлық Кеңеслердиң тийисли мәселелер бойынша лаўазымлы шахслардың есабатларын тыңлаў ямаса депутатлық сораўнама жибериўдеги жумысы жетерли емеслиги атап өтилди.

Буннан кейин күн тәртибиндеги екинши мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы баслығы Д.Қурбаниязовтың есабаты тыңланды. Онда партияның өткен жылдағы жумысы ҳәм быйылғы жылғы ўазыйпаларына итибар қаратылды.

Өткен жыл даўамында партия фракциясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги комитетлердиң мәжилислерине 6 мәселе ҳәм сессияларының күн тәртибине 3 мәселе киргизилди.  Депутатлар тәрепинен сайлаўшылар менен жәми 10 мәрте ушырасыў өткерилип, сайлаўшылардың мүрәжатлары  тийкарында ҳәкимликлер ҳәм жуўапкер кәрхана, шөлкемлердиң басшыларына 17 депутатлық сораўнама жиберилип, олар өзиниң унамлы шешимин тапты.

Быйылғы жылы партия тәрепинен «Раўажланыў стратегиясы»ның орынланыўында Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң қатнасы мәселеси ҳәр тәреплеме додаланып, усы мақсетте партияның барлық структуралары, депутатлық топарлары ҳәм белсендилериниң күш ҳәм имканиятларын жумсаўға байланыслы усыныслар билдирилди ҳәм тийисли қарарлары қабыл етилди.

Пленум күн тәртибинде шгөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып, Кеңес қурамына өзгерислер киргизилди.

Өткен жыл даўамында «Адолат» СДП тәрепинен алға қойылып атырған идея ҳәм басламаларды турмысқа енгизиўде ҳәм халқымыз арасында партияның абырайының артыўындағы нәтийжели мийнети менен унамлы нәтийжелерге ерискен қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң баслықларына партия тәрепинен Алғыснама тапсырылды.

Пленум жуўмағында партия өзиниң депутатлық корпусларына итибар қаратқан ҳалда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Даўытбай Қурбаниязовтың нәтийжели мийнети ҳәм үлгили жумысы атап өтилип, «Адолат» СДП Сиясий Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Адолат» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери