Жаслардың бос ўақытлары мазмунлы өткериў, оларды спортқа тартыў мақсетинде Мойнақ районында футбол бойынша район прокурорының кубоги ушын жарыс болып өтти.

Бир ай даўам еткен жарыста районлық Ишки ислер ҳәм Халық билимлендириў бөлимлеринен, мәкан ҳәм аўыллық пуқаралар жыйынларынан 12 команда қатнасты.

Жарыста жақсы ойын көрсеткен «Жайҳун» мәкан пуқаралар жыйынының командасы биринши орынды ийелеп, прокурор кубогиниң жеңимпазы болды. Екинши орынды  «Мойнақ» мәкан пуқаралар жыйыны,  үшинши орынды  «Таллыөзек» мәкан пуқаралар жыйынының командалары ийеледи.

Жарыс жеңимпазы ҳәм сыйлы орын ийелерине кубок ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги