Буннан алдынғы мағлыўматларымыздыӊ биринде Иорданияныӊ Амман қаласында бокс бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионаты болып өтип, онда Өзбекстан сайланды командасы 23 медал менен 1-орынды ийелегени ҳаққында хабарлаған едик.
Өзбекстан Бокс Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиӊ атқарыўшы директоры Икрам Шамуратовтан алған мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы жас боксшилер де табыслы қатнасқан жеӊимпазлар қатарында, қызлар арасында 52 кг салмақта Рахыйма Бекниязова, -54 кг да Раъно Муратбаева гүмис, ерлер арасында -60 кг да Сухраб Аминов қола, еӊ аўыр -92 кг салмақта Айназар Кеӊесбаев алтын медалларды қолға киргизиўге миясар болды.
Нөкис Олимпия резервлери мектебиниӊ 10-класс оқыўшысы, қарақалпақстанлы жас тайнапыр боксшимиз Айназар Кеӊесбаев финал ушырасыўында Қазақстан сайланды командасы ағзасы Ердос Шерипбековты жеӊиўге еристи.
Келешегинен үлкен үмит күттиретуғын боксшимиз Айназар Кеӊесбаевтыӊ бундай үлкен табысларды қолға киргизиўинде әкеси бокс бойынша спорт шебери Толыбай Қуламетов ҳәм устазы Асқар Жумановлардыӊ ислеген мийнети айрықша болды.
Ал, қалған жеӊимпаз боксшилеримизди болса, тәжирийбели тренерлерден Рашид Сейтов, Мақсет Жумабаев ҳәм Рахат Утениязовлар таярлады.
Бизлер бул жас боксшилер ҳәм олардыӊ ата-аналары менен тренерлерин ерискен табыслары менен қутлықлап, алдағы жарысларда да елимиз байрағын бәлентлерде желбирете бериўине тилеклеслик билдиремиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы