Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги сыпатында қайта шөлкемлестирилди. Министрликке басшылық етиў Президент мәсләҳәтшиси Турсынхан Худайбергеновқа жүклетилди.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев бүгин болып өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтип:

«Перзентлеримиздиң тәрбиясында нураныйларымыздың билимлери ҳәм өмирлик тәжирийбесинен кең пайдаланыўымыз зәрүр», – деди.

Сонлықтан, «Нураный» қорының баслығы Содиқжон Турдиев министрдиң биринши орынбасары болатуғыны белгиленди.

«Буннан былай мәҳәлле системасында да пүткиллей жаңа система жаратылады. Орынларда бул ўазыйпа тиккелей ҳәкимлердиң жуўапкершилигине жүкленеди, ҳәким орынбасары лаўазымы қысқартылады.

Мәҳәлле баслығы өз аймағында ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси ҳәм ҳаял-қызлардың жумысларын муўапықластырады ҳәм мәҳәлледе өз ара биргеликте жумыс ислеўди тәмийинлейди.

Сондай-ақ, Президент Халық қабыллаўханаларының ўазыйпалары да буннан былай қала ҳәм районнан мәҳәллеге түседи, мәҳәллелер кесиминде пуқараларды қабыллап, олардың мәселелерин шешиўге жәрдем береди», – деп атап өтти Президент.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.