Усы жылдың 1-март күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети баслығы лаўазымына Зулайҳо Маҳкамованың кандидатурасын көрип шықты ҳәм мақуллады.

Президент Шавкат Мирзиёев бүгин болып өтип атырған видеоселектор мәжилисинде:

«Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында да ҳаял-қызларға мүнәсип шараятлар жаратыў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў мәселесин ең әҳмийетли бағдарлардың бири сыпатында бийкарға белгилемедик.

Усы әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын системалы тәризде ҳәр бир мәҳәлле кесиминде әмелге асырыўды тәмийинлеў мақсетинде бүгин Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитетин шөлкемлестириў бойынша пәрманға қол қойдым», – деп айтып өтти.

Жаңа комитет баслығы болып тайынланған З.Маҳкамова бир ўақыттың өзинде Бас министр орынбасары ҳәм Сенат ағзасы сыпатында жумыс алып барады.

Орынлардағы комитеттиң ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық басшылары ҳәкимлердиң орынбасарлары болады.

Жаңа комитет Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў қоры және «Ҳаяллар дәптери» қорын өз басқарады.

Соның менен бирге, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бүгинги мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министри лаўазымына Абдулла Қўлдошевтиң кандидатурасы депутатлар тәрепинен мақулланды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.