Пүткил өмири ҳәм мийнет жолын аўыл хожалығының раўажланыўына бағышлаған белгили агроном ҳәм шөлкемлестириўши басшы, Өзбекстан Қаҳарманы, мийнет ветераны Иброҳим Файзуллаев усы жылы 25-февраль күни 89 жасында қайтыс болды.

И.Файзуллаев 1933-жыл 25-августта Сурхандәрья ўәлаятының Денов районында туўылды. Орта мектепти тамамлап, мийнет жолын 1949-жылы жәмәәтлик хожалықта әпиўайы жумысшы сыпатында баслады. Кейин ала Самарқанд, аўыл хожалығы институтын агроном қәнигелиги бойынша питкерип, Денов районының Сабыр Рахимов атындағы жәмәәт хожалығында энтомолог-агроном, бас агроном ҳәм хожалық баслығы, Сурхандәрья ўәлаяты аўыл ҳәм суў хожалығы басқармасының бас агрономы сыяқлы лаўазымларда пидәкерлик пенен мийнет етти.

Дийқаншылық тараўының сырларын терең ийелеген, бай билим ҳәм турмыслық тәжирийбеси, бар күш-ғайратын ел-журт исине бағышлаған мийнеткеш инсан өмириниң соңына шекем өз кәсибине садық қалып, кейинги жылларда да Денов районында ғәлле-туқымгершилик хожалығы баслығы лаўазымында жемисли ислеп, көпшиликке ибрат ҳәм үлги болды.

И.Файзуллаев көп жыллық мийнет жолы даўамында өзин жер илиминиң ҳақыйқый билимданы, заманагөй агротехнологиялар ҳәм хожалық жүргизиў усылларын пуқта ийелеген шөлкемлестириўши басшы, мийнет сүйгиш, кишипейил ҳәм ўатансүйгиш инсан сыпатында көрсетип, пүткил мәмлекетимизге танылды.

Ол республикамызда аўыл хожалығы тараўындағы кең көлемли реформаларды әмелге асырыў, фермерлик ҳәрекетин раўажландырыўға өзиниң ҳадал мийнети, әмелий басламалары менен мүнәсип үлес қосты.

Атап айтқанда, Денов районының социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў, халықтың турмыс шараятларын жақсылаў, билимлендириў, медицина ҳәм мәденият орынларын қурыў ҳәм абат етиў, жаңа бағ ҳәм қыябанлар жаратыў, жасларды ана ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўда белсендилик көрсетти.

И.Файзуллаев мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысына да белсене қатнасып, Өзбекстан Олий Мажлиси депутаты сыпатында да нәтийжели жумыс алып барды.

Иброҳим Файзуллаевтың мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери жоқары дәрежеде тән алынып, ол 1993-жылы «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери» ҳәм 1996-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» белгили атақлары менен сыйлықланған еди.

Мәмлекетимиз аўыл хожалығы тараўының үлкен ғайраткери, меҳрибан устаз, жақсы ҳәм кишипейил инсан Иброҳим Файзуллаевтың жарқын естелиги кеўиллеримизде ҳәмийше сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева,

Н.Исмоилов, А.Арипов, Т.Боболов