Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардағы дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында болды.

Мәмлекетимиз басшысы 24-февраль күни Беруний районына барды.

Бул жерде Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы менен биргеликте самал электр станциясы қурылысы режелестирилген. Усы мүнәсибет пенен, бул комплекске тырнақ тасын қойыў мәресими болды.

­ Қарақалпақстанның инсанлары мийнеткеш, жери бай. Енди самаллары да экономикаға пайда келтиреди. Егер биз үлкен-үлкен кәрханалар қурамыз, десек, шериклеримиз алды менен «энергетикаң бар ма, жолың бар ма, инфраструктураң бар ма» деп сорайды. Бул жерде қуўатлылығы 100 мегаватт болған самал электр станциясы қурылыўы аймақ экономикасына қосымша күш, тийкар болады, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстандағы бирден-бир Тақыятас ыссылық электр станциясы буннан 65 жыл бурын қурылған болып, аймақ мүтәжлигин қанаатландырыў ушын жетерли емес еди. Соның ушын бул станция 680 миллион доллар есабынан модернизацияланып, 560 мегаватт қуўатлылықлар иске түсирилди.

Мине енди жаңа бағдарда экологиялық таза және бир электр станциясының қурылысы басланбақта. Жыллық қуўатлылығы 360 миллион киловатт-саат болған бул жойбар 108 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан әмелге асырылады.

Бул жойбар иске түскеннен кейин, 110 мың шаңарақты қосымша электр энергиясы менен тәмийинлеў мүмкин болады. Жылына 106 миллион куб метр тәбийғый газимиз үнемленеди.

­ Инсан қәдири ушын, деген бас принцип тийкарында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша да үлкен мақсетлер қойғанбыз.

Келеси бес жылда 2 мың 500 жаңа кәрхана шөлкемлестирип, санаат өнимлерин ислеп шығарыўдың көлемин дерлик еки есеге кеңейтиў режелестирилген. Қайта тиклениўши энергия дәреклери бул ислерге күшли түртки береди. Буннан перзентлеримиз, келешек әўладлар да пайда көреди, ­ деди мәмлекет басшысы.

Жойбар бойынша Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң техникалық жәрдеминде жәрияланған халықаралық тендерде Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы 20 ға шамалас талабанлар арасында жеңимпаз болған. Бул компания тәрепинен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ислеп шығарылатуғын самал энергиясы ушын ең төмен тариф ­ 1 киловатт-саат электр ушын 2,56 цент усыныс етилген.

Және бир әҳмийетли тәрепи, станция қурылысында мың қарақалпақ жаслары да қатнасады. Ол иске түскеннен кейин болса, 100 тәжирийбели инженер ҳәм техник хызметкерлер жоқары дәраматлы турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.

Жойбар шеңберинде 25 самал турбинаси орнатылады, 20 километр болған 220 киловатт күшлениўли электр узатыў ҳаўа линиясы қурылып, бул қуўатлылықлар мәмлекеттиң бирден-бир энергетика системасына толық жалғанады.

Президентимиз жойбар ушын зәрүр нәрселерди локализациялаўға айрықша итибар қаратыў кереклигин атап өтти. Мәселен, «Тақыятас металл конструкция» заводында таяныш бағаналар, «Нөкис электр аппарат» кәрханасында трансформатор ҳәм электр техника үскенелери, басқа кәрханаларда болса ­ кабель ҳәм онлаған түрдеги өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў мүмкин.

Қарақалпақстанда самал энергиясын ислеп шығарыў имканиятлары шексиз екени атап өтилди.

­ Экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы, деп жәрияланған Аралбойы регионында басланған бул жойбар «жасыл энергия» ислеп шығарыў бойынша «биринши қарлығаш». Келеси бес жылда бул аймақта қуўатлылығы дерлик 1 мың 800 мегаватт болған 3 самал станциясы иске түсириледи, ­ деди мәмлекетимиз басшысы.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев самал электр станциясы тырнағына капсула қойды.

Мәресимде «ACWA Power» компаниясы басшысы Муҳаммад Абдулла Абунаян, тараў қәнигелери, жәмийетшилик ўәкиллери шығып сөйледи.

Мәмлекетимизде электр энергиясын ислеп шығарыўды көбейтиў бойынша көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта. Өткен жылы Наўайы ўәлаятының Кармана районында туңғыш қуяш фотоэлектр станциясы иске түсирилген еди. Сурхандәрья ўәлаятының Шерабад районында усындай және бир станцияның қурылысы басланған.

Улыўма, бул тараўда 3 миллиард доллар муғдарындағы сырт ел инвестицияларының есабынан, жәми 2 мың 900 мегаваттлы 10 қуяш ҳәм самал электр станциялары қурылмақта.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласындағы Шымбай гүзары мәҳәллесинде болды.

Халықтың турмыс шараятларын көриў ушын әйне усы жерге келингени бийкарға емес. Адамлар бул жерге 2000-жылларда орналаса баслаған. Үйлер режесиз қурылғаны себепли көшелер тәртипсиз болып қалған, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўы жетиспейтуғын еди.

Ҳәзирги ўақытқа келип мәҳәлле халқы 14 мыңнан асқан. Бул жерде социаллық инфракструктураны жақсылаў мәселеси актуал болып барды. Ҳәм аймақ жақында «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде абаданластырылды. Көшелер оңланып, пиядалар тротуары қурылды.

Трансформатор ҳәм бағаналар орнатылып, электр тармақлары тартылды. Жаплар тазаланып, дарақлар егилди.

Мәҳәлледе жумыс орны ҳәм медициналық хызмет жоқ еди. Сонлықтан жеңил конструкциядан тоқымашылық кәрханасы шөлкемлестирилди. Бул жерде 300 ден артық ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленди. Мәмлекетимиз басшысы олар менен сәўбетлести.

­ Мәҳәлледеги өзгерислерди, сизлердиң жумыслы болғаныңызды көрип, қуўандым. Қолында өнери бар ҳаялдың кейпияты жақсы, шаңарағы да турақлы болады. Бундай жумысларды еле көп ислеўимиз керек. Әлбетте, қыйын болады. Бирақ, биз бир шаңарақпыз. Бирлесип, ҳәмме режелерди әмелге асыра аламыз, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Президент бул жерде мәҳәлле орайын қурыў, қаладағы басқа аўыр аймақларды да абат етиў бойынша көрсетпелер берди.

Бул жердеги медициналық хызмет пункти де көзден өткерилди. Қарақалпақстанда жаңа клиникалар қурыў, медицина кластерлерин шөлкемлестириў режелери додаланды.

Мәҳәллениң «Көктөбе» көшесинде 8 жай үлгили турақ жайға айландырылған. Ҳәўлилер тәртипке келтирилип, ыссыханалар қурылған. Президент олардан бири ­ Ғабит Жүсиповтың шаңарағында мийман болды.

­ Кешеден берли Қарақалпақстанның ең узақ, ең аўыр аймақларына барып атырмыз. Ҳәзир маған айтты: Нөкисте шараяты жаман және жети мәҳәлле бар екен. Оларды да абат етиў, жолын, суўын, электрин дурыслаў бойынша режелерди белгиледик, ­ деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласында жумыс баслаған пластикалық есик ҳәм рамалар кәрханасын барып көрди.

Бул жойбар ушын Жаңа базар мәҳәллеси аймағынан 4 гектар жер ажыратылып, 2 миллион долларлық қурылыс жумыслары әмелге асырылған. Заманагөй әсбап-үскенелер орнатылып, инженерлик-коммуникация тармақлары тартылған. Кәрхана жәми 270 мың квадрат метр есик ҳәм айна рамаларын таярлаў қуўатлылығына ийе. Бул жерде 230 адам жумыс пенен тәмийинленди. Олардың көпшилиги жаслар.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың жумыс процесин, өнимлерин көзден өткерди.

Нөкис қаласына Ташкент қаласы ҳәкимлиги бириктирилген. Аймақтың драйвери ­ азық-аўқат ҳәм қурылыс материаллары санааты, туризм. Усы тийкарда Нөкис қаласын 2022-жылда комплексли социал-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылған. Оған бола, улыўма баҳасы 1 миллиард 361 миллион сумлық 10 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген. Буның нәтийжесинде қосымша 3 мың жумыс орны жаратылады.

Президент Жеке терек мәҳәллесиндеги жаңа турақ жай комплексиниң қурылыс майданында да болды. Бул жерде 16 қабатлы 5 жай қурыў мөлшерленген. Олардың биреўи ҳәзир қурылмақта.

Бул комплекс жаңа түрдеги қурылыс конструкциясы тийкарында тикленеди. Сыртқы дийўаллар үш қапламалы болып, үйлердиң қыста жыллы, жазда салқын турыўын тәмийинлейди. Үйлер заманагөй үскенеленип, тайын ҳалда тапсырылады.

Мәмлекетимиз басшысы Нөкис қаласындағы инвестициялық жойбарлардың ситуациялық орайының жумысы менен танысты.

Бул мәкеме бизнес жойбарларын қәлиплестириў, әмелге асырыў ҳәм мониторинг етиў бойынша бир пүтин система сыпатында ислейди. «Бир айна» принципи тийкарында министрлик, уйым, аймақ ҳәм шөлкемлер арасында тығыз бирге ислесиўди тәмийинлейди.

Орайда үш – аймақлық жойбар топары, стратегиялық раўажландырыў топары ҳәм исбилерменлерге жедел жәрдем топары бар. Сондай-ақ, Исбилерменлер кеңеси болып, жойбарлаў топарлары менен бирге жаңа идея ҳәм усынысларды додалайды және исбилерменлерди тартады.

Буннан тысқары, Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасының қәнигелери аймақта имканияты бар жойбарларды ислеп шығып, таяр ҳалда халыққа усынады.

Орайға жетекши санаат тармақларының ўәкиллери бириктирилген. Президентимизге Қарақалпақстанда усы тармақларда режелестирилген жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бурын хабар етилгениндей, Аралбойы аймағын биргеликте раўажландырыў ушын ўәлаят ҳәкимлери де тартылған. Олар тәрепинен Қарақалпақстанның ҳәр бир районы бойынша жойбарлар ислеп шығылған. Орайда бул режелерди таныстырыў да өткерилди.

З.ЖОНИБЕКОВ,

А.МУСАЕВ,

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

ӨзА ның хабаршылары