Президент Шавкат Мирзиёев 23-февраль күни аймақлардағы дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстанға келди.

Бул ретки сапарында жаңалықлар, өзине тән тәреплер көп. Атап айтқанда, биринши санлы борт биринши мәрте Ташкенттен Мойнаққа келди.

Ҳәммемизге белгили, Мойнақ мәмлекетимиздиң алыс аймақларынан бири. Ең жақын қала Қоңыратқа шекем 100, Қарақалпақстан орайы – Нөкиске шекем 200 километр аралық бар. Бул коммуникацияда қыйыншылық пайда етиўи тәбийғый. Сонлықтан мойнақшылардың турмысы, шараятларына мәмлекетимиз басшысының итибары басқаша. Бул аймақты раўажландырыў бойынша еки қарар қабыл етилип, мәнзилли бағдарламалар әмелге асырылған. Президентимиздиң өзи де Мойнаққа еки мәрте – 2018- ҳәм  2019-жыллары келген. Сол ўақытта бул жерде транспорт коммуникацияларын жақсылаў бойынша көрсетпе берилген еди. Соған муўапық, автомобиль жоллары оңланды. Мойнақ аэропорты жаңаланып, иске қосылды.

Бул «ҳаўа порты» 1947-жылы қурылған болып, алдын киши самолётларды қабыл еткен. Кейин ала улыўма ислемей қалған.  Бүгин өмирге қайтқан бул аэропортқа биринши мәрте Өзбекстан Президентиниң самолёты келип қонды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги дөретиўшилик жумыслар менен танысты. Аэропортта 50 жолаўшыға мөлшерленген жаңа терминал қурылған, ушыў-қоныў жолы ҳәм майданшалар оңланған. Комплекс әтирапы көклемзарластырылған.

Президент бул жерде мойнақшы жасы үлкенлер, мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар менен ушырасты.

– Кейинги бес жылда көп нәрсени үйрендик, алдын исенилмеген затларға исендик. Мен биринши мәрте келгенимде «мәденият Мойнақтан басланады» деген едим. Сондай болып атыр. Мине усы аэропорт да бир мысал. Енди Ташкент-Мойнақ-Нөкис авиақатнаўы жолға қойылады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сапардағы және бир жаңалық – Аралбойын биргеликте раўажландырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы районлары белгили бир ўәлаятларға бириктирилген. Президент оның себеби ҳәм әҳмийетин түсиндирип берди.

– Аралбойында жағдай жаман деп көпшилик айтады. Бирақ ҳәмме де бул жерге келип көрмеген. Аралдың ҳаўасынан нәпес алыўы, шараятты көрип, әдил баҳа бериўи ушын бул жерге пүткил республикадан басшыларды жибердим. Қарақалпақстанның раўажланыўына үлкен қаржы қаратамыз,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы Мойнақтағы әҳмийетли мәселелер, келешектеги жумыслар бойынша халықтың пикирин сорады.

– Бул жерде қыйыншылықларға шыдаған, мийнеткеш адамлар жасайды. Оларға тек ғана жумыс ислеў ушын шараят жаратып бериўимиз керек. Бирақ қандай кәрхана қурамыз! Самолёт келгени бийкарға емес. Енди өнимлерди тасыў аңсатласады. Соның ушын сизлерден өтиниш: ашшы, тийкарлы, пайдалы гәплерди айтың. Биргеликте жақын еки жылға анық режелерди белгилеп алыўымыз керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Жәмийетшилик ўәкиллери аймақтағы әҳмийетли мәселелер бойынша өз усынысларын билдирди. Президентимиз оларды қоллап-қуўатлап, жуўапкерлерге тапсырмалар берди. Аўыл хожалығы тармақлары менен бирге хызмет түрлерин кеңейтиў, атап айтқанда, кеўил ашар ойынлар ушын салық жеңилликлерин бериў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул ишки туризмниң раўажланыўына, жумыс орынларының ашылыўына хызмет етеди.

Мойнақ районына Ташкент ўәлаяты бириктирилген. Ушырасыўда бул ўәлаят исбилерменлери тәрепинен Мойнақта әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында халық ўәкиллери алдында презентация өткерилди. Атап өтилгениндей, бул жерде дем алыў бағы қурылады, қосымша қубыр тартып келинеди. Кекселер санаторий, балалар дем алыў орынларына жибериледи. Мәмлекетимиз басшысы халықтың саламатлығы мәселесине айрықша итибар қаратып, бул жерге келип ислейтуғын шыпакерлерге айлық үстемелер бериў, турақ жай менен тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Арал теңизиниң қурыған жерине барып, жағдайды көрди.

Қарақалпақстан халқының турмысы, улыўма, үлкен региондағы экология усы машқалаға байланыслы. Бир ўақытлары теңиз ҳәм оған тутас дәрьялар, жайлаўлар адамларға несийбе үлестирген, жумыс, дәрамат дәреги болған. Бирақ тәбият нызамларына араласыў, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья суўын тосып қойыў дүньядағы аўыр экологиялық апатшылықлардан бирин пайда етти. Регионымызда шөллениў ҳәм шорланыў дәрежеси кескин артты. Өсимлик ҳәм жабайы ҳайўанлардың түри азайып кетти.

Глобал ысыў машқаласы күшейип, жаўын-шашын азайып атырған ҳәзирги күнги әсиримизде Арал теңизин қутқарыў барған сайын имканиятсыз болып бармақта. Бундай шараятта бирден-бир жол – барын сақлап қалыў, апатшылық тәсирин азайтыў, адамлардың турмысын аңсатластырыў.

Мәмлекетимиз басшысы бул бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясы сессияларында айтты, халықаралық саммитлерде әҳмийетли усынысларды алға қойды. Соның менен бирге, өз имканиятларымызға сүйенип, әмелий жумыслар да алып барылмақта.

Атап айтқанда, Арал теңизиниң қурыған түбинен миллионлаған тонна шаң ҳәм зыянлы дузлар көтерилип, үлкен аймаққа тарқалатуғын еди. Шавкат Мирзиёев 2018-жылы Мойнаққа сапары ўақтында адамлар менен мәсләҳәтлесип, бул жерде шорға шыдамлы өсимликлер егиў ўазыйпасын белгилеген еди.

Мәмлекетимиз басшысына бул бойынша исленген жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Өткен жыллары теңиздиң суўы қурыған бөлиминде 1 миллион 524 мың гектар тоғайзар қурылған. Оның ушын сексеўил, қарабарақ, қандым, черкез сыяқлы шөл өсимликлеринен дерлик 6 мың тонна туқым таярланып, қыйын шараятларда егилген. Бул жумысларда 4 мыңнан аслам жумысшы қатнасып, 1 мың 600 техника, самолётлар тартылған.

Бул ийгиликли, әҳмийетли ҳәрекет даўам еттирилмекте. Усы жылы 100 мың гектар майданда «жасыл қаплама» қурыў режелестирилген. Ҳәзирги күнде соннан 26 мың гектарында жумыс басланған, 562 тонна туқым таярланған. Сондай-ақ, 100 гектар майданда нәлхана шөлкемлестирилмекте.

Президентимиз бул жерде экологлар ҳәм тоғай хожалығы қәнигелери менен сәўбетлести.

– Биз бул қыйын шараятта егиў бойынша үлкен тәжирийбе арттырдық. Бул жерге өзим келиўимнен мақсет – енди бул жумысларды илимий тийкарланған түрде даўам еттиремиз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Илимий изленислер етип, аймақтың топырағына сай сортлар жаратыў, кейинги басқышта шарўашылықты раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди.

Аралбойының флора ҳәм фаунасын жақсылаў бойынша 5 жыллық миллий бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Тахтакөпир районындағы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында да болды.

Бул жерде мыңнан артық халық жасайды. Район орайынан 40 километр узақта жайласқан аймақтың бурынғы шараяты аўыр еди. «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында қурылыс, оңлаў жумыслары әмелге асырылғаннан соң, аўылдың көриниси өзгерди.

Пуқаралар жыйыны уйымы, мәденият орайы, шыпакерлик пункти, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси капитал оңланды. Монша қурылды. Жаңадан қубырлар тартылып, ишимлик суў тәмийнаты жақсыланды. Көшелерге қум-шағыл тас араласпасы ҳәм қара қаплама жайылды. «Өржап» каналында пиядалар көпири қурылды, жоллар, салмалар тәртипке келтирилди. 5 километр электр тармақлары жаңаланып, трансформатор орнатылды.

Шавкат Мирзиёев аўылдағы дөретиўшилик жумысларын көзден өткерди. Халық пенен пикирлести.

-Кейинги жыллары Қарақалпақстанға айрықша итибар берип, үлкен күш ҳәм ресурсларды тартқанымыз нәтийжесин берип атыр. Адамлар жолымыздың дурыслығына исенди. Енди жаңа шеклер қойғанбыз. Қарақалпақстанға барлық басшыларды алып келдик. Бундайы тарийхта болмаған. Олар қаржысы, жәмәәти менен келип, анық жойбарлар ислеп шығып атыр. Тахтакөпирдиң де алдыңғы абырайын тиклеўимиз зәрүр,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы ҳаял-қызлардың турмысын жақсылаў мәселесине айрықша тоқтап өтти.

– Елимизде ҳаял-қызлар көз жасын төкпейтуғын жәмийет қурыўымыз керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бул жерде ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери менен де сәўбетлести. Олар мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў, бәнтликти тәмийинлеў бағдарындағы усынысларын билдирди.

Президентимиз бул жерде журналистлер менен де сөйлести.

Шавкат Мирзиёев Шоманай районындағы «Шоманай экотекс» кәрханасының жумысы менен танысты.

2020-жылы иске қосылған бул кәрхана 7 мың тоннадан аслам ийирилген-жип таярлаў қуўатлылығына ийе. Өткен жылы 51 миллиард сумлық өним ислеп шығарылып, дерлик 5 миллион долларлық экспорт етилген.

Усы ўақытқа шекем аймақтағы ең үлкен машқала жумыссызлық еди. Бул кәрхана халықты, әсиресе, ҳаял-қызларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеўде әҳмийетли роль атқарды. Бул жерде 500 жумыс орны шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы өндирис процеси ҳәм өнимлерди көзден өткерди, жумысшылар менен сөйлести. Жуўапкерлерге кәрханада пахтаны  қайта ислеўдиң кейинги басқышларын өзлестириў бойынша көрсетпе берилди.

– Бул мақул. Бирақ районда жумыссызлар болмаўы ушын бундай кәрханалар үш-төрт болыўы керек. Санааттың басқа бағдарларында да жойбарлар табыў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бул жерде райондағы «Баҳром Илғор Кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳаққында мағлыўмат берилди. Кластердиң 743 гектар жери лазер арқалы тегисленген. Соннан 100 гектарында жаўынлатып суўғарыў технологиясы енгизилген.

– Халыққа дәрамат дәрегин жаратыў, жалпы өндиристи күшейтиўге ҳәрекет етип атырмыз. Оның ушын не керек! Бәринен бурын, суў керек. Қарақалпақстанда суў ҳәм жер есабы әҳмийетли. Егер пуқта етип, үнемлеп пайдаланылса, суў жетеди. Оның ушын аўыл хожалығы мәдениятын арттырыў, инновациялық технологияларды енгизиў керек,-деди Президент.

Шоманай районына бириктирилген Хорезм ўәлаяты исбилерменлериниң инвестиция жойбарларының презентациясы да өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қарақлапақстан Республикасына сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Абдулазиз МУСАЕВ,
Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

ӨзАның хабаршылары