Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапарын Мойнақ районынан баслады.

Атап өтилиўинше, жаңадан қурылған Мойнақ аэропорты менен танысқан президент усы жердиң өзинде аймақ белсендилери менен ушырасты. Бул жерде районға байланыслы мағлыўматлар ҳәм режелердиң презентациясы өткерилди.

«Жаңа Өзбекстанымыздағы Жаңа Мойнақ аэропортында сизлер менен көрисип турғанымнан оғада қуўанышлыман. Бүгин жети емес, жетпис өлшеп сиясат жүргизиў талап етилип атыр. Қарақалпақстанды көрип, Мойнақта 24 көп қабатлы турақ жай қурылысының режеси менен танысып, ислесе болатуғын екен-ғо, деген пикирди және бир мәрте еследим.

Барлық басшылар бул жерде бир ҳәпте болады, өзим де үш күн сизлер менен болып, 424 мәҳәлле, пүткил Қарақалпақстан машқалаларын додалаў нийетиндемен. Мен ўәлаятларды Қарақалпақстан аймағына бириктирдик, себеби меҳир көзде деди. Қалаберсе, адамларымыз бул аймақты өз көзлери менен көрсин. Ең үлкен мақсет – халқымыздың жақсы жасаўына ерисиў, бүгинги жетискенликлер менен тоқтап қалмаў.

Мине, биз жумыс баслағанымызда Мойнақта 28-29 мың халық болса, ҳәзирги ўақытта 33,5 мыңнан артты. Бул да өзине тән исеним. Бүгин мени алып келген самолёт жол ашып берди. Енди ҳәптесине еки мәрте Ташкент-Нөкис-Мойнақ рейсин жолға қоямыз. Керек болса, көбейтиўге де таярман, әҳмийетлиси халқымыз пайдалансын», – деди Президент.

Бир ўақытлары киши аэропорт болған ҳәм кейин ала жумысы тоқтап қалған аэропорт орнында қурылған заманагөй аэропорт Мойнақты сыртқы дүнья менен байланыстыратуғын орынға айландырылмақта. Аймағы 167 гектарлық комплексте зәрүр қолайлықларға ийе аэровокзал, узынлығы 2 300 метр, кеңлиги 60 метр ушыў-қоныў коридоры ҳәм ушыў-қоныў коридорына өтиў коридоры, 3 дана ҳаўа кемелерине мөлшерленген туратуғын орын ҳәм узынлығы 12 км болған аэропорт аймағын қорғаў қадағалаў коридорының қурылысы белгиленген.

Жойбардың улыўма баҳасы 100 миллиард сум ҳәм ҳәзирги ўақытта баҳасы 78 миллиард сум муғдарында жумыслар орынланған. Объектте 50 жолаўшыға мөлшерленген терминал қурыў жумыслары орынланып, объекттиң фасады ҳәм төбе тәрепи толық питкерилген.

Бүгин Президент Аралқумда қурылған сексеўил майданлары менен танысыўы да режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги