Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасына келмекте.

Бул сапары жаңалықлар, өзине тән тәреплер көп. Атап айтқанда, биринши санлы борт биринши мәрте Ташкенттен Мойнаққа келмекте. Сапар етиў де бурынғыларынан өзгеше рәўиште үш күн болады.

Және бир жаңалық – Аралбойы аймағын биргеликте раўажландырыў мақсетинде Қарақалпақстанның районлары биреўден ўәлаятқа бириктирилген. Сонлықтан бул жерге Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят ҳәкимлери де келген. Олар өзлери бириктирилген аймақлар бойынша презентациялар өткереди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги