Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-февральдағы «Туризм, мәдений мийрас ҳәм спорт тараўларында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-75-санлы Пәрманына муўапық:

  1. Төмендегилер:

Спортты раўажландырыў министрлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Спортты раўажландырыў министрлиги орайлық аппратының басқарыў хызметкерлери шекленген саны 76 болған структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Спортты раўажландырыў министрлигиниң аймақлық бөлимлери басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 594 етип белгиленсин.
  2. Спортты раўажландырыў министрине:

спортты раўажландырыў министриниң орынбасарлары арасында анық ўазыйпалар ҳәм функцияларды бөлистириў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, жетекши жойбарлаў институтлары, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери, халықаралық шөлкемлер, сырт ел компанияларының жоқары тәжирийбели қәнигелерин, сондай-ақ, экспертлерди мәсләҳәтши сыпатында тартыў;

зәрүр жағдайларда, хызметкерлердиң белгиленген улыўмалық саны шеңберинде Спортты раўажландырыў министрлиги орайлық аппараты, сондай-ақ, система шөлкемлери структурасына өзгерислер киргизиў;

Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги, Спортты раўажландырыў министрлигиниң ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бас басқармалары, районлық (қалалық) бөлимлери структуралары ҳәм режелерин тастыйықлаў, сондай-ақ, олардың басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын белгилеў ҳуқықы берилсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлигиниң жумысын муўапықластырыў Бас министрдиң социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Министрлер Кабинети аппараты Туризм, спорт, мәденият ҳәм ғалабалық коммуникациялар мәселелери хаткериниң спорт тараўына жуўапкер хызметкерлери Министрлер Кабинети аппаратының Билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери хаткери қурамына өткерилетуғыны белгиленсин.

Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы бәнттеги талаплардан келип шығып Ҳүкимет аппаратының штат кестесине және тийисли структуралық бөлимлер ҳаққындағы Ҳүкимет аппаратының штат кестесине ҳәм тийисли структуралық бөлимлер ҳаққындағы режелерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги жанында бюджеттен тысқары Спортты қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.

Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қорына спорт тараўынан келип түскен қаржылар Қорға толық өткерилсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары және нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;

Қордың қаржылары Спортты раўажландырыў министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери, сондай-ақ, система шөлкемлериниң хызметкерлерин қосымша хошаметлеўге қаратылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириўдиң дәреклери етип белгиленсин:

шөлкемлестириўшиси Спортты раўажландырыў министрлиги болып есапланған кәрханалар ҳәм шөлкемлер (кейинги орынларда – система шөлкемлери) еркинде салықлар ҳәм жыйымлар төленгенинен кейин қалатуғын сап пайданың бир бөлеги;

меншиклестириў ҳаққындағы қарарларға муўапық мәмлекетлик мүлк объектлерин реализациялаўдан түсетуғын тийисли қаржылар;

система шөлкемлериниң мүлкин (буған көшпес мүлк кирмейди) сатыўдан түскен қаржылардың 50 проценти;

система шөлкемлериниң мүлкин ижараға бериўден түскен бюджетке қаратылып атырған қаржылардың 50 проценти;

система шөлкемлериниң жумысын тексериў нәтийжелери бойынша Спортты раўажландырыў министрлигиниң ишки аудит хызметлери тәрепинен анықланған Мәмлекетлик бюджет қаржыларының, сондай-ақ, талан-тараж, растраталар, кемис шығыў суммаларының 50 проценти;

система шөлкемлериниң жумысын тексериў нәтийжелери бойынша Спортты раўажландырыў министрлигиниң ишки аудит хызметлери тәрепинен анықланған және мәмлекетлик мақсетли қорлары ҳәм бюджеттен тысқары қорлар дәраматына өндирилген нызамсыз жумсалған бюджет қаржылары, талан-тараж, растраталар, кемис шығыў суммалары;

система шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорларына түсетуғын қаржылардың 10 проценти;

Қордың ўақтынша бос турған қаржыларын жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

спорт тараўындағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыўдан түсетуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң, соның ишинде Өзбекстан Республикасы резиденти емеслердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық финанс шөлкемлери ҳәм сырт еллердиң грантлары ҳәм техникалық жәрдем бериў қаржылары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформациялаў ҳәм меншиклестириў қорына мәмлекетлик активлерди сатыўдан түсетуғын қаржыларының 3 проценти (Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң қарарлары тийкарында сатылатуғын мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыўдан және жер участкаларын меншиклестириўден түсетуғын қаржылар буған кирмейди) Қорға қаратылатуғыны. Онда усы қаржылардың бир бөлеги исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, исбилерменлер ушын шөлкемлестирилетуғын оқыў курсларын мақсетли қаржыландырыў ушын Саўда-санаат палатасына қаратылатуғыны ҳәм оның муғдары Саўда-санаат палатасы Президумы тәрепинен белгиленетуғыны;

Туризм ҳәм спорт министрлигиниң мүлки, соның ишинде, автотранспорт қуралларын Спортты раўажландырыў министрлигине өткериўде қайта рәсмийлестириў ушын төлемлер өндирилмейтуғыны;

Спортты раўажландырыў министрлиги тәрепинен қайтадан шөлкемлестирилип атырған шөлкемлерге бириктирилген көшпес мүлк объектлерине ҳәм басқа да мүлкке болған ҳуқықлар тийисли жыйымлар ҳәм басқа да төлемлер өндирилмеген жағдайда рәсмийлестирилетуғыны;

Туризм ҳәм спорт министрлигиниң орайлық аппараты хызметкерлерин Спортты раўажландырыў министрлигине жумысқа қабыл етиў спортты раўажландырыў министри тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен бурын әмелге асырылған келисимлерди, таңлаў нәтийжелерин инабатқа алған ҳалда, еркин әмелге асырылатуғыны;

Спортты раўажландырыў министрлиги ҳаққындағы реже тастыйықланғанға шекем, Спортты раўажландырыў министрлиги және оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў тәртиби ҳәм шәртлери Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 31-июльдеги 477-санлы қарары менен тастыйықланған Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳаққындағы режеге ҳәм әмелдеги тәртипке тийкарланып әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

Спортты раўажландырыў министрлиги бир ай мүддетте министрлик ҳаққындағы режени тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Мәмлекетлик бюджеттиң 2022-жыл ушын тастыйықланған бюджет параметрлерине усы қарардың талапларынан келип шығып тийисли өзгерислер киргизиў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Спортты раўажландырыў министрлиги Ташкент қаласы, Абдулла Қадирий көшеси, 2-жай мәнзили бойынша жайластырылсын.
  3. 11. Спортты раўажландырыў министрлиги:

еки ҳәпте мүддетте министрликтиң аймақлық, структуралық ҳәм төменги бөлимлери ҳаққындағы режелер (уставлар), олардың структуралары, сондай-ақ, хызметкерлердиң лаўазым инструкцияларының қайта тастыйықланыўын тәмийинлесин;

бир ай мүддетте тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                          Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 18-февраль