Японияның ең ири темиржол компаниясы жума күни водород двигателинде ҳәрекетленетуғын «Хибари» поездын таныстырды. Поезд Токионың қубласында Кавакаси қаласындағы тәжирийбе базасында  журналистлерге көрсетилди, деп хабар бермекте Киодо мәлимлеме агентлиги.

Поезды сынақтан өткериў жумыслары март айының орталарында мәмлекет пайтахтындағы трассалардың биринде басланады. Двигатель бактеги водород қосымтасының атмосферадағы кислород пенен химиялық реакцияға кирисиўиниң есабынан электрқуўатлылығы үлкен көлемдеги батареяларға топланады. Атмосфераға тек ғана қоршаған орталыққа зыяны тиймейтуғын суў пуўы тарқалады.

Бундай түрдеги поездлар водород жанылғысы қуйылғаннан кейин 140 километрге шекем жүре алады. Оларды аўыллық жерлерде елеге шекем дизельде жүретуғын поездлардың орнына пайдаланыў мөлшерленбекте. JR East компаниясы поездлары ҳәр жылы атмосфераға шама менен 2,5 миллион тонна зәҳәрли газди шығарады. Жаңа технологияларды, соның ишинде, экологиялық таза водород двигательлерин енгизиўдиң есабынан 2030-жылға барып ҳаўаға шығып атырған зәҳәрли газди еки есеге азайтыў режелестирилмекте. 2050-жылға барып болса компания зәҳәрли газди ҳаўаға шығарыўды пүткиллей тоқтатыўды мөлшерлемекте. Бул Япония ҳүкиметиниң әсиримиздиң орталарына барып санаат кәрханалары ҳәм автомобильлериниң зәҳәрли газдиң ҳаўаға шығарылыўын пүткиллей тоқтатыў режесине сай келетуғыны атап өтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги