Тахтакөпир районына Ферғана ўәлаятынан келген 130дан аслам фермер хожалықлары басшылары ҳәм 15 штаб ағзалары райондағы резерв жер майданларын алып, фермерлик ҳәм исбилерменлик жумысларын жолға қоймақта.

Бүгинги күнде фермер хожалықлары тәрепинен аймақлардағы  жер майданларын үйренип шығып, контурларын анықлап, карта жойбарларын ислеп шығыў бойынша ҳүжжетлер таярланбақта.

Усы жылдың басынан берли 90  жойбар таярланып, соннан 60 жойбарға 5045 гектар жер майданы ажыратылды.

Бул жерлерде шарўашылық, қусшылық, балықшылық, пахташылық, ғәллешилик, дийханшылық, бағшылық ҳәм көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Ҳәзирги күнде Ферғана  ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкимлиги штаблары менен жойбарлар таярланып, жерлердиң контурлары бойынша излениўлер алып барылмақта. Сондай-ақ, суў жоллары, бос турған имаратлардан үнемли пайдаланыў, ыссыханалар қурыў, бағлар жаратыў, көп тармақлы исбилерменлик жумысларын шөлкемлестириў бойынша берилген ҳәр бир усыныс терең үйренилип шығылмақта.

Келеси жаңалықлар бойынша мағлыўматлар берип барамыз.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы