Бүгин Пекин қаласында «Cadillac Arena» да ерлер арасында хоккей бойынша шерек финал ушырасыўында Олимпиада чемпионлығына тийкарғы даўагерлердиӊ бири Россия Олимпиада комитети командасы Дания сайланды командасы ағзаларын сынақтан өткерди.
Ойынныӊ 13 минутында Вадим Шипачев есапты ашқан болса, 22 минутта даниялы Нильсон россиялылардыӊ дәрўазасына анық шайба жоллап есапты теӊлестириўге миясар болды.
Ал, 34 минутта Нестеров Дания дәрўазасына және бир шайба жоллаған болса, Войнов ушырасыўдағы жуўмақлаўшы есапты орнатты ҳәм Россия Олимпиада комитети хоккейшилерин ярым финалға алып шықты.
Шерек финалдыӊ екинши ушырасыўында болса, АҚШ лы хоккейшилер күтилмегенде Словакия сайланды командасына буллитлер есабында жеӊилип қалды ҳәм Олимпиада-2022 менен рәсмий түрде хошласты.
Енди россиялылар ярым финалда Швеция ҳәм Канада ушырасыўыныӊ жеӊимпазы менен өз-ара күш сынасады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы