Қытай пайтахты Пекин қаласында даўам етип атырған Олимпиада ойынларында лыжа бойынша эстафета жарысында Алексей Червоткин, Александр Большунов, Денис Спицов ҳәм Сергей Устюгов финишке биринши болып келип, буннан 42 жыл бурынғы жеңисти қайталады.

Россиялы спортшылар лыжа бойынша эстафета жарысында 1980-жылы  АҚШтың Лейк-Плэсид қаласында болып өткен Олимпиада ойынларында ақырғы мәрте алтын медальды қолға киргизген еди.

Улыўма өткен екшемби күни россиялы спортшылар ушын әўметли келди. Лыжа эстафетасындағы алтын медальдан тысқары, ерлер арасында шорт-трек бойынша 500 метр аралықта Константин Ивлиев гүмис, биатлон бойынша 12,5 километр аралықта Эдуард Латыпов ҳәм қызлар арасында 500 метр аралыққа конькиде жуўырыўда Ангелина Голикова гүмис медалларын қолға киргизди.

Усы күни қызлар арасында биатлон бойынша өткерилген жарыста норвегиялы Марте Олебю-Ройселанн финишке биринши болып келип, Пекин Олимпиадасындағы өзиниң үшинши алтын медалын алыўға еристи.

Өткен тоғыз күннен кейин 9 алтын, 5 гүмис, 7 қола, жәми 21 медальды қолға киргизген норвегиялы спортшылар улыўма командалық есапта биринши орынға шығып алды. Екинши орынды Германия, үшинши орынды АҚШ спортшылары  ийелеп тур.

Бүгин Олимпиаданың оныншы күниндеги жарыслар даўам етпекте.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы