Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары      

Халыққа, әсиресе алыс аймақларда жасайтуғын пуқараларға мәдений дем алыс хызметлерин көрсетиў дәрежесин арттырыў, республиканың барлық аймақларында театр, цирк ҳәм басқа түрдеги ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларын системалы түрде жолға қойыў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында қәбилетли жас атқарыўшыларды излеп табыў ҳәм қоллап қуўатлаў, билимлендириў мәкемелерин миллий саз әсбаплары, музыка сабақлықлары, ноталар топламлары ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеўдиң бир тутас системасын жаратыў мақсетинде, сондай-ақ, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға муўапық:

  1. 2022-2023-оқыў жылынан баслап билимлендириў мәкемелеринде оқыўшы ҳәм студентлердиң музыкалық билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, олардың қәлбинде миллий мәдениятқа болған муҳаббатты қәлиплестириў, жас талантлыларды анықлаўға ҳәм қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар әмелге асырылыўы белгиленсин:

а) улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде:

усы қарарға 1-қосымшадағы дизимде келтирилген миллий саз әсбапларынан кеминде биреўинде қосық айтыў шеберлиги үйретиледи және бул ҳаққында олардың билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетине (шаҳадатнама) тийисли тәртипте дизимге киргизиледи;

музыка пәни ушын ҳәптесине белгиленген бир оқыў сааты және оған қосымша түрде ҳәр ҳәптеде миллий музыка әсбапларында қосық айтыў тәмелий дөгереклери ҳәм факультатив сабақлары өткериледи;

усы қарарға 1-қосымшадағы дизимде келтирилген миллий саз әсбапларынан кеминде биреўинде, 2023-2024-оқыў жылынан баслап болса кеминде үшеўинде қосық айтыў шеберлигине ийе болыў музыка пәни оқытыўшылары ушын мәжбүрий есапланады;

музыка пәни ушын ажыратылған оқыў саатлары шеңберинде «Саз шертиў – өмиримниң мазмуны» сүрени астында нама атқарыўшылығы оқыў сабақлары жолға қойылады;

ноталар топламлары ҳәм арнаўлы музыкалық әдебиятлар менен тәмийинлеў улыўма билим бериў мектеплерин сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар менен тәмийинлеў системасына киргизиледи;

оқыўшылардың сабақтан тыс ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде олардың қызығыўшылықларына бола миллий музыка саз әсбапларында атқарыў шеберлиги, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер, өнерментшилик бағдарларында әмелий дөгереклер (кейинги орынларда – әмелий дөгереклер) шөлкемлестириледи;

әмелий дөгереклер басшыларына «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң дөгерек басшылары ушын белгиленген базалық тариф ставкалары қолланылады;

әмелий дөгереклерди алып барыў есабы «Электрон күнделик» бағдарламасы арқалы әмелге асырылады және ҳәр шеректе дөгерек қатнасыўшыларының есап бериў концертлери шөлкемлестириледи;

музыка өнери бойынша профессионал билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжетке ийе болған, кеминде 3 миллий музыка саз әсбапларында шеберлик пенен қосық айта алатуғын қәнигелерди тийкарғы жумыс орнынан бос ўақтында ол жердеги мийнетке ҳақы төлеў шәртлерин сақлап қалған ҳалда еки жумысты қатара алып барыў тийкарында  улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң музыка пәни оқытыўшысы ҳәм музыка бағдарындағы дөгерек басшыларының лаўазымына толық ставкада жумысқа қабыл етиўге рухсат бериледи;

музыка пәни оқытыўшыларын кеминде үш миллий музыка саз әсбапларында атқарыўға үйретиў халық билимлендириў хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасы шеңберинде әмелге асырылады, онда қайта таярлаў (қәнигелигин арттырыў) курсларына қатнасыў ушын мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллери шәртнама тийкарында тартылады;

б) улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде:

Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен басқа да мәденият мәкемелери менен биргеликте лекторлық концертлерди өткериў жолға қойылады;

лекторлық концертлер билимлендириў ҳәм мәденият мәкемелеринде шөлкемлестириледи және оқыўшы ҳәм студентлердиң музыкалық мәдениятын ҳәм саўатлылығын арттырыўға, эстетикалық талғамын, дүнья таныўын кеңейтиўге ҳәм музыканы сезиниўге қаратылған әмелий сабақлардан ибарат болады;

лекторлық концертлердиң өткерилгени ҳаққында тийисли билимлендириў, мәденият мәкемелери, район (қала) ҳәкимлиги ямаса басқа да жуўапкер шөлкемлердиң басшылары ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы бас директоры тәрепинен акт дүзиледи;

лекторлық концертлерди өткериўге байланыслы қәрежетлер жергиликли бюджет қаржылары (улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде) ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар ( жоқары оқыў орынларында) ямаса нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан акт тийкарында қаржыландырылады;

Мәденият минитрлиги коллегиясының шешими менен улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы мәмлекетлик сыйлықлар берилген дөретиўшилер басшылығында олардың «шеберлик сабақлары» шөлкемлестириледи;

«шеберлик мектеплери»ниң басшылары болған дөретиўшилер Мәденият министрлигиниң бюджеттен тысқары қоры (кейинги орынларда – Қор) қаржылары есабынан тийкарғы жумыс орны арқалы ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының он бес есеси муғдарында қосымша материаллық хошаметленип барылады;

в) улыўма орта билимлендириў мәкемелери, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, мәденият орайлары:

2022-2024-жылларда усы қарарға 1а- қосымшада белгиленген реже-кестесине муўапық 3 миллий саз әсбаплары топламлары менен тәмийинленеди;

миллий музыка саз әсбаплары топламлары  менен тәмиийнлеў қәрежетлери Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети ҳәм тийисли жергиликли бюджетлерден теңдей үлеслерде ажыратылатуғын қаржылар есабынан қаржыландырылады;

миллий музыка саз әсбаплары топламлары Мәденият министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлигиниң аймақлық басқармалары тәрепинен орайласқан тәртипте сатып алынады ҳәм тийисли мәмлекетлик мәкемелерге жеткерип бериледи, онда сатып алыў комиссиясының қурамына миллий музыка саз әсбапларында нама шерте алатуғын  тәжирийбели қәнигелер киргизиледи, саз әсбаплары олар тәрепинен сынап көриледи;

г) ҳәр жылы:

оқыўшылар ҳәм студентлер арасында усы қарарға 2-қосымшадағы дизим бойынша «билимлендириў мәкемелери – район (қала) – ўәлаят (Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы) – республика» кесиминде мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы республикалық таңлаўлар шөлкемлестириледи;

республикалық таңлаўлардың «билимлендириў мәкемелери» басқышында тийисли билимлендириў мәкемеси жайласқан мәҳәлледеги жаслардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў Жаслар жетекшилери ҳәм мәденият орайларына жүкленеди.

  1. Усы қарардың 1-бәнтинде белгиленген илажлардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:

а) Халық билимлендириў министрлиги (Б.О.Саидов) 2022-жыл 1-июньге шекем:

ҳәр бир улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде директордың буйрығы менен әмелий дөгереклер шөлкемлестирилиўин, бул ҳаққында оқытыўшылар ҳәм оқыўшылардың хабардар етилиўин тәмийинлесин;

улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде музыка пәни оқытыўшыларына болған талап ҳәм келешектеги зәрүрликлерди турақлы түрде талқылап барсын, зәрүрликке қарап, Мәденият министрлиги менен биргеликте музыка пәни оқытыўшыларын таярлайтуғын жоқары оқыў орынларына буйыртпалар берип барсын;

б) Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) еки ай мүддетте:

музыкалық саўатлылықты арттырыўға қаратылған лекторлық концертлердиң көркемлик жақтан бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги (Д.Н.Саттаров) менен биргеликте музыка әсбапларын ислеп шығаратуғын қәнигелерди тартқан ҳалда усы қарарға 1-қосымшадағы дизимде келтирилген миллий музыка саз әсбапларын ислеп шығарыў бойынша техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шықсын ҳәм белгеленген тәртипте қабыл етилиўин тәмийинлесин.

  1. Төмендегилерден ибарат 2022-жылы республика көлеминде өткерилетуғын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларының жыллық календарь режеси (кейинги орынларда – 2022-жыл ушын календарь режеси) тастыйықлансын:

2022-жылы Өзбекстан Республикасында халықаралық ҳәм республикалық көлемдеги фестивальларды өткериўдиң реже-кестеси 3а-қосымшаға муўапық;

2022-жылы Мәденият министрлиги тәрепинен «Мәденият кәрўаны» тәризинде аймақларда концерт-тамаша илажларын өткериўдиң реже-кестеси 3б-қосымшағы муўапық;

2022-жылы Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы қурамындағы көркем жәмәәтлер тәрепинен оның аймақлық бөлимлери менен бирге концерт-тамаша илажларын өткериўдиң реже-кестеси 3в-қосымшаға муўапық;

2022-жылы Өзбекстан миллий ҳәм мәмлекетлик симфониялық оркестрлери, Өзбек миллий мақам көркем өнери орайының Юнус Ражабий атындағы Мақам ансамбли ҳәм «Өзбек мәмлекетлик цирки» мәмлекетлик мәкемеси дөретиўшилик (көркем) жәмәәтлердиң аймақларда гастроль сапарларын шөлкемлестириўдиң реже-кестеси 3г-қосымшаға муўапық;

2022-жылы Мәденият министрлиги системасындағы мәмлекетлик театрлар жәмәәтлериниң аймақларға гастроль сапарларын шөлкемлестириў 3д-қосымшаға муўапық;

2022-жылы Өзбекстан миллий симфониялық оркестри ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик симфониялық оркестириниң Ташкент қаласында ири концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириўдиң реже-кестеси 3е- қосымшаға муўапық;

2022-жылы республика көлеминде кәсиплик байрамларды белгилеў мүнәсибети менен шөлкемлестирилетуғын концерт-тамаша илажлары 3ж-қосымшаға муўапық;

2022-жылы аймақлардағы мәденият мәкемелери тәрепинен өз-ара келисим принципи тийкарында басқа да аймақларға гастроль сапарларын, аймақтың «мәденият күнлери» илажларын шөлкемлестириўдиң реже-кестеси 3з- қосымшаға муўапық.

  1. 2022-жыл ушын календарь режеде белгиленген илажлардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:

а) Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков)

2022-жыл 1-июньге шекем «Мәденият кәрўаны» ушын мөлшерленген, тийисли музыка техникасы ҳәм сахнаға ийе 2 дана арнаўлы автотранспорт қуралын сатып алсын;

министрлик системасындағы концерт-тамаша мәкемелери, цирк ҳәм театр хызметкерлери арасынан «Мәденият кәрўаны» қурамына киргизилген атқарыўшылар (турақлы ағзалар ҳәм белгили бир илажларда қатнасыўшылар) дизимин қәлиплестирсин;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жыл ушын календарь режесинде белгиленген илажларды өткериў орны, ўақты ҳәм қатнасатуғын дөретиўшилер ҳаққында ғалаба хабар қураллары ҳәм мәлимлеме тарқатыўдың басқа да дәреклери арқалы, соның ишинде, илаж өткерилетуғын аймақлардың халқын кеминде еки ай бурын хабардар етиў системасын жолға қойсын;

б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлери:

бир ай мүддетте өз аймақларында 2022-жылы өткерилетуғын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларының жыллық календарь режелерин тастыйықласын;

2022-жыл ушын календарь режесинде белгиленген илажлардың жоқары дәрежеде өткерилиўи ушын зәрүр шөлкемлестириў мәселелери шешилсин;

өз-ара келисим принципи тийкарында жумыс ислеп атырған мәденият мәкемелери жәмәәтлериниң басқа да аймақларға гастроль сапарларын, аймақтың «мәденият күнлери» илажларының нәтийжели шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин;

в) Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.А Абдуҳакимов) 2022-жыл ушын календарь режеге киргизилген илажларды жергиликли ҳәм шет елли туристлер арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын көрсин, туристлер ағымының өзгериўин есапқа алып календарь режеге өзгерислер менен қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды турақлы түрде Мәденият министрлигине усынып барсын;

г)  Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) бир ай мүддетте «Мәденият кәрўаны» ушын мөлшерленген, тийисли музыка техникасына ҳәм сахнаға ийе 2 дана арнаўлы автотранспорт қуралын сатып алыў ушын Мәденият министрлигине Мәмлекетлик бюджеттен қосымша 20 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Барлық мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар ҳәр шеректе кеминде бир мәрте бюджеттен тысқары қаржылар және кәсиплик аўқамлар қаржыларының есабынан өз хызметкерлериниң мәдений-эстетикалық дем алыўы ушын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириў, концерт, цирк ҳәм театрларға кириўи ушын билет ҳәм абонементлерди сатып алыў әмелиятын енгизсин.

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ж.Ортиқов), хожалық жәмийетлери шөлкемлестириўшиси болған басқа да мәмлекетлик уйымлар бир ай мүддетте устав қорында (капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент  ҳәм оннан артық болған хожалық жәмийетлери және мәмлекетлик кәрханалардың басқарыў уйымларының мәжилислеринде усы шөлкемлер буйыртпасы тийкарында хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларын өткериў ўазыйпасын бизнес-режеге киргизиў бойынша баслама менен шықсын.

Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) аймақлық бөлимлер менен биргеликте ҳәр айдың 25-сәнесине шекем барлық дәрежедеги мәмлекетлик басқарыў уйымлары, мәкемелер, кәрханалар ҳәм хожалық жәмийетлерине олар жайласқан аймақта келеси айда шөлкемлестирилетуғын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажлары ҳаққында мағлыўмат берип барсын.

  1. 2022-жылдан баслап мәденият ҳәм көркем өнер тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги қосымша илажлары енгизилетуғыны:

а) Мәденият министрлиги тәрепинен «Инсан қәдири ушын» ийгиликли идея тийкарында ҳәр жылы төмендегилер ушын мәмлекетлик буйыртпалар берилетуғыны:

театрларда сахналастырылатуғын кеминде 40 жаңа спектакльге;

композиторлар ҳәм мелодистлерге 40 жаңа музыкалық шығармалар, соның ишинде, опера, симфония, оратория сыяқлы классикалық ҳәм заманагөй жанрлар, атап айтқанда, эстрада бойынша шығармалар дөретиўге;

кеминде 100 жоқары көркемлик дәрежедеги Интернет ҳәм социаллық тармақлар ушын мөлшерленген аудиовизуал шығармалар дөретиўге (кеңнен танылған 20 аудиовизуал шығарма атқарыўшылары Мәденият министрлиги комиссиясының қарары менен тийисли тәртипте базалық есаплаў муғдарының 50 есесине шекем бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықланатуғыны);

кеминде 150 ең жақсы миллий қосықларды караоке жәрдеминде атқарыў ушын қайта ислеўге;

белгили атқарыўшы-зыялылар, халықтың арасында жоқары ҳүрметке ийе көркем өнер ҳәм дөретиўшилик ўәкиллери тәрепинен алыс ҳәм шеттеги аймақлардың халқы, усы аймақлардағы билимлендириў мәкемелериниң оқытыўшылары менен дөретиўшилик ушырасыўлар өткериўге (бир жыллық реже-кестеси ҳәм Мәденият министрлиги менен дүзилетуғын пуқаралық-ҳуқықый шәртнама тийкарында);

билимлендириў мәкемелери (тәнепис ўақтында), аэропорт, темир жол ҳәм автовокзаллар, саўда-кеўилашар комплекслер, мәденият ҳәм дем алыў бағлары, қыябанлар, мийманханалар ҳәм басқа да шөлкемлердиң локал тармақлары арқалы еситтирилетуғын ҳәм келип-кетиўшилердиң руўхыятына унамлы тәсир ететуғын миллий нама-қосықлардан ибарат музыкалық альбомларды таярлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў жумысларына (авторлық ҳуқықларына әмел еткен ҳалда);

б) халық арасында кеңнен ен жайған Интернет сайтлары ҳәм социаллық тармақларда «Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги» атамасында бетлер шөлкемлестирилип, олар арқалы Қор қаржылары ҳәм бетлерин жүргизиўден келип түскен қаржылар есабынан өзбек халқы миллий мәдениятын үгит-нәсиятлаўшы төмендеги таңлаўлар енгизиледи:

музыка саз әсбапларында (миллий, опера, симфония, оратория, эстрада, басқа да классикалық ҳәм заманагөй жанрларда) атқарылған ең жақсы 100 атқарыў;

ең жақсы 100 миллий қосық;

ең жақсы 100 миллий музыкалы клип;

караоке жәрдеминде қосық атқарыўға мөлшерленген, ең жақсы 100 музыкалық композиция (қосық тексти менен);

мәмлекетлик ҳәм жеке меншик театрларда сахналастырылған ең жақсы 50 спектакль.

Онда, ҳәр бир бағдар бойынша жеңимпазлар жыл даўамында жайластырылған ҳәм ҳәр жылы 15-декабрь жағдайына пайдаланыўшылар тәрепинен ең көп көрилген атқарыўлар арасынан анықланады ҳәм Мәденият министрлиги комиссиясының қарары менен тийислисинше базалық есаплаў муғдарының 50 есесине шекем бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады;

в) юридикалық тәреплердиң пайда салығы ҳәм айланыстан салықты есаплаўда салық салынатуғын база усы шөлкем хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларын өткериў, соның ишинде, бул илажларға кириў ушын билетлер сатып алыўға бағдарланған қаржылары суммасына азайтылады, онда усы шегирилетуғын қаржылар салық салынатуғын базаның 2 процентинен артпаўы керек;

г) миллий музыка саз әсбапларын ислеп шығарыўдан алған дәраматлары ағымдағы есабат (салық) дәўириниң жуўмақлары бойынша жәми дәраматтың кеминде 60 процентин қурайтуғын шөлкемлер ушын айланыстан салық  ҳәм социаллық салық ставкасы 2022-жыл 1-апрельден 2025-жыл 1-январьға шекем 1 процент етип белгиленеди;

д) Мәденият министрлигине өзиниң системасындағы барлық шөлкемлер ушын бюджет шөлкеминиң раўажландырыў қоры қаржыларын жумсаў муғдарын (материаллық-техникалық базасын беккемлеўге ҳәм хызметкерлерди социаллық қорғаў ҳәм материаллық хошаметлеў илажларына) еркин белгилеў ҳуқықы бериледи.

  1. Усы қарардың 6-бәнтинде белгиленген мәденият ҳәм көркем өнер тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажларын өз ўақтында ҳәм толық енгизиў мақсетинде:

а) Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков):

жоқары көркем дәрежедеги аудиовизуал шығармаларға мәмлекетлик буйыртпаларды жайластырыўда олардың миллий әдебият ҳәм поэзиямыздың сийрек ушырасатуғын дүрданалары тийкарында жаратылыўы, қәбилетли дөретиўшилер тәрепинен шеберлик пенен көркемлеп оқыў, монолог ҳәм басқа да формаларда, сондай-ақ, шет тиллеринде атқарыўға айрықша итибар қаратсын;

бир ай мүддетте Интернет сайтлары ҳәм социаллық тармақларда «Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги» атамасындағы бетлерди шөлкемлестирсин, оларды турақлы түрде кең жәмийетшилик арасында ғалаба ен жайдырыў илажларын көрсин, бетлердиң жумысын шөлкемлестириўде авторлық ҳуқықларына әмел етилиўин қатаң қадағаласын;

б) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) бир ай мүддетте тийисли салық жеңилликлерин енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-январьдағы ПП-52-санлы пәрманына тийкарланып Мәденият министрлигиниң бюджеттен тысқары қорының шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

а) Қордың қаржылары республикалық бюджеттен ажыратылған қаржылар, Мәденият министрлиги системасындағы шөлкемлер пайдасының шөлкемлестириўшиге бағдарланатуғын бөлеги ҳәм нызамшылықта белгиленген ямаса қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қәлиплестирилетуғыны;

б) төмендеги илажлар Қорға Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан қаржыландырылатуғыны:

«шеберлик мектеплери» басшысы болған дөретиўшилерди қосымша материаллық хошаметлеў;

ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларының жыллық календарь режеси тийкарында «Мәденият кәрўаны» тәризинде концерт-тамаша илажларын, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы, Өзбек миллий мақам көркем өнери орайы, Юнус Ражабий атындағы Мақам ансамбли, «Өзбек мәмлекетлик цирки» мәмлекетлик мәкемеси, мәмлекетлик театрлар, Өзбекстан миллий симфониялық оркестри ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик симфониялық оркестри тәрепинен концерт-тамаша илажларын өткериў;

«Инсан қәдири ушын» ийгиликли идея тийкарында Мәденият министрлиги тәрепинен берилетуғын мәмлекетлик буйыртпаларды қаржыландырыў;

«Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги» атамасында бетлер арқалы шөлкемлестирилетуғын таңлаўлардың жеңимпазларын сыйлықлаў;

Мәденият министрлиги системасындағы мәкемелер тәрепинен өткерилетуғын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларының рекламасын шөлкемлестириў, телеканаллардан эфир ўақтын сатып алыў;

нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген басқа да илажларды әмелге асырыў белгиленсин.

9 Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов):

усы қарарда әмелге асырылыўы белгиленген илажларды қаржыландырыў ушын Қорға 2022-жылы жәми 50 миллиард сум, соннан 25 миллиард сумды 2022-жыл 1 мартқа шекем, қалған  25 миллиард сумды ажыратылған қаржылардың өзлестирилиўине қарап, Мәденият министрлигиниң сораўына тийкарланып ажыратсын;

усы қарар менен Мәденият министрлигине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын 2023-жыл Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде Қорға 50 миллиард сум нәзерде тутылсын.

  1. Мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы дөретиўшилерди ҳәр жылы бир мәрте сыйлықлаў мақсетинде Мәденият ҳәм көркем өнер миллий сыйлығы шөлкемлестирилсин.

Мәденият министрлиги еки ай мүддетте мәденият ҳәм көркем өнер миллий сыйлығы менен сыйлықлаў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери қарар менен жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан усы аймақта узақ жыллар жемисли мийнет етип барған мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллерине ҳәм қәбилетли жас дөретиўшилерге ипотека кредити тийкарында сатып алынып атырған турақ жай баҳасының 50 проценти муғдарында, бирақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрьдеги ПП-33-санлы пәрманына муўапық белгиленетуғын турақ жай есапланған баҳасының 50 процентинен жоқары болмаған муғдарда субсидия берилетуғыны белгиленсин.
  2. Аймақлық мәденият уйымлары структурасындағы үлги мақам ансамбльлери негизинде әмелдеги қаржыландырыў тәртиби ҳәм штат бирликлери шеңберинде юридикалық тәреп статусына ийе болған Өзбек миллий мақам көркем өнериниң аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилсин.
  3. Өзбекстан Миллий телераидокомпаниясының «Маданият ва маърифат» телеканалы Мәденият министрлигиниң Бас мәлимлеме шериги етип белгиленсин.

Мәденият министрлиги тәрепинен көрсетиўге таяр ҳалда усынылатуғын материаллар «Маданият ва маърифат» телеканалында тамашагөйлер ушын қолайлы болған ўақытларда бийпул эфирге узатылатуғыны;

республикалық телеканаллардан тамашагөйлер ушын қолайлы болған эфир ўақытлары Мәденият министрлиги тәрепинен сатып алынатуғыны ҳәм усы ўақытта министрлик усынған материаллар эфирге берилетуғыны;

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы қурамындағы телеканалларда ҳәр ҳәптеде анық бир ўақытта Мәденият министрлиги ушын эфир ўақты ажыратылатуғыны;

телеканаллардың жумысына тийисли лицензия талаплары ҳәм шәртлерине миллий мәдениятымыз дүрданаларын, соның ишинде, миллий саз әсбапларда шығармалардың атқарылыўын эфирге бериў талаплары киргизилетуғыны белгилеп қойылсын.

Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Х.Шерматов) бир ай мүддетте телеканаллардың жумысын лицензиялаў бойынша нызамшылыққа өзгерислер киргизиў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Төмендегилер:

2022-2023-жылларда Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша «жол картасы» 4-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан мәмлекетлик театрлар ҳәм «Өзбек мәмлекетлик цирки» мәмлекетлик мәкемесин автобус ҳәм жүк транспорт қураллары менен тәмийинлеў режеси 5-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан район (қала)лық мәденият бөлимлерин арнаўлы автотранспорт қураллары менен тәмийинлеў режеси 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрликлер ҳәм уйымлардың биринши басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери усы бәнтте тастыйықланған «жол картасы» ҳәм режелерде белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў ушын жеке жуўапкер екени белгиленсин.

  1. Қаржы министрлиги 2022-жыл алты айдың жуўмағы бойынша Мәмлекетлик бюджет қәрежетлерин муўапықластырыў есабынан усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреги бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныс киргизсин, 2023-жылдан баслап ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджет параметрлерин ислеп шығыўда зәрүр қаржылардың нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
  2. Мәкеме ҳәм шөлкемлер, исбилерменлик субъектлери тәрепинен белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша өзлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ямаса тәмийинлеў мақсетинде сырт елден импорт етип алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын музыка саз әсбаплары, даўыс күшейтиўши қурылмалар, техникалық үскенелер, шыралар, арнаўлы липас ҳәм аяқ-кийимлер, «Мәденият кәрўаны» ушын мөлшерленген арнаўлы автотранспорт қураллары, оларға орнатылатуғын музыка техникасы ҳәм сахналар 2025-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарлары 8-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  5. Мәденият министрлиги Әдиллик министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларын Министрлер Кабинетине киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәденият министри О.А.Назарбеков белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары А.А.Жўрабоевқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректе мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 2-февраль