Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-май күни Ташкент халықаралық инвестиция форумы ҳәм Сырт ел инвесторлары кеңеси мәжилиси шеңберинде Америка – Өзбекстан саўда палатасыныӊ баслығы Кэролин Лэмм басшылығындағы делегация, Қытай жетекши компанияларыныӊ басшылары, Европаныӊ бир қатар жетекши компанияларыныӊ басшылары ҳәм Египеттиӊ “Orascom Investment Holding” компаниясыныӊ баслығы Нажиб Савиристи қабыл етти.

Кэролин Лэмм менен сөйлесиўде Өзбекстан – Ақш стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени ҳәм палата мәмлекетимиздиӊ саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўин раўажландырыўға салмақлы үлес қосып атырғаны атап өтилди.

Ушырасыўда “Air Products”, “CNH Industrial” ҳәм “Silverleaf” компанияларыныӊ басшылары да қатнасты.

Өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көлеми турақлы артпақта, энергетика, аўыл хожалығы, машина қурылысы, азық-аўқат санааты ҳәм басқа да тармақларда жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Кэролин Лэмм АҚШ исбилермен топарлары атынан мәмлекетимиз басшысына еки мәмлекеттиң экономикалық бирге ислесиўине жеке итибар қаратып, оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.

Америка исбилерменлериниң Өзбекстандағы жумысын кеңейтиў, қаржы инструментлерин ҳәм механизмлерин раўажландырыў бағдарындағы алдынғы тәжирийбени енгизиў ҳәм түрли тармақларда жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық режелери додаланды.

Усы жылы Ташкент қаласында АҚШтың алдынғы компания ҳәм банклериниң қатнасыўында бизнес форумды өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Қытайдыӊ жетекши “CAMCE” корпорациясы баслығы Ван Бо менен Ташкент қаласында Олимпиада қалашасыныӊ қурылысы ҳәм энергетика, санаат ҳәм инфраструктура тараўларындағы жойбарлардыӊ портфелин кеӊейтиў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимизде жумыс алып барыўда үлкен тәжирийбе топлаған компания ири жойбарларды қаржыландырыў, қурылыс ҳәм эксплуатациялаўдыӊ пүткил шынжырын қамтып алатуғын шешимлерди бериўге қәнигелескен.

“Goldwind” Цао Чжиган менен компанияныӊ Өзбекстанда “жасыл” энергетиканы раўажландырыўдағы қатнасыныӊ перспективалары көрип шығылды. Компания самал энергетикасы технологияларын ислеп шығыўға қәнигелескен болып, дүньядағы жетекши самал турбиналарын ислеп шығарыўшы болып есапланады. Самал электр станциялары бөлеклерин ислеп шығарыўды локализациялаў ҳәм әмелдеги жойбарларды жеделлестириўге келисип алынды.

“China Southern Power Grid” пенен Бухара ўәлаятында самал электр станциялары, пүткил мәмлекет бойлап гидроаккумуляция станциялары ҳәм жоқары күшлениўли линияларды қурыў жойбарлары додаланды.

Өзбекстанда электр есаплағышларды ислеп шығарыў бойынша “Holley Group” компаниясы нәтийжели ислеп атырғаны атап өтилди. Ташкент ўәлаятында технопарк қурыў ҳәм оған Қытайдыӊ ири  компанияларын тартыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Европаның бир қатар жетекши компанияларыныӊ басшылары менен ушырасыўда “Suez” компаниясының баслығы ҳәм бас директоры Сабрина Суссан, “Arsenale Group” компаниясының бас директоры Паоло Барлетта, “Airbus” корпорациясының Европа бойынша президенти Йохан Пелисье ҳәм “Linde” компаниясының Европа ҳәм Жақын Шығыс бойынша президенти Оливер Пфанн қатнасты.

Мәмлекетимиздиң басшысы бул ушырасыў Европа бизнесиниң Өзбекстандағы жумысын кеңейтиўге қызығыўшылық барған сайын артып баратырғанынан дәрек беретуғынын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Инвестициялық ҳәм инвестициялық шериклик, суў тәмийнаты, пуқаралық авиация, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, туризм ҳәм басқа тараўларда анық жойбарларды әмелге асырыў перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

Европа компанияларының басшылары Өзбекстан Президентине шын жүректен қабыл еткениҳәм инвесторлардың нәтийжели жумысы ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар ушын миннетдаршылық билдирди. Тийкарғы тармақлардағы әҳмийетли жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўда буннан былай да қатнасыўға таяр екенин билдирди.

Египеттиң “Orascom Investment Holding” компаниясының баслығы Нажиб Савирис пенен ушырасыўда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм алдын ерисилген келисимлерге муўапық биргеликтеги жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан экономикасының түрли тармақларында, соның ишинде, таў-кән санааты, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, туризм, қурылыс, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм басқа тараўлардағы жойбарларды әмелге асырыўға тиккелей инвестицияларда тартыўға айрықша итибар қаратылды.

Нажиб Савирис мәмлекетимиздиң экономикасына Египет инвестицияларын көбейтиў ушын барлық ис-ҳәрекетлерди иске қосыўға таяр екенин билдирди.

ӨзА