Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен халықтың ийгилиги жолында белгилеп берилген барлық реформалар «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында республикамызда даўам еттирилмекте. Бул илажлар шеңберинде тек ғана өткен жылдың өзинде республикамыз бойынша жәми 1000 километрден аслам жоллар оңланды, 600 километрден артық топырақ жоллар тас жолларға айландырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районы турғынлары, нураныйлар ҳәм тараў басшылары менен болып өткен ушырасыўда районда басланған үлкен ҳәрекет шеңберинде мәҳәллелер ҳәм аўыллардың ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша кең көлемли  жумыслар даўам еттирилетуғынлығын атап өтти.

Усы тийкарда Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўы менен Қоңырат районында жумыслар баслап жиберилди.

Айтып өтиў орынлы, районда 2023-жыл даўамында 118,2 километр жол қум шағыл-тас араласпалы жолларға айландырылды. Быйылғы жылы Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 500-санлы қарары тийкарында Қоңырат районында 20  мәҳәлледе жәми 7,4 млрд. сумлық 28,0 километрлик ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен 9 мәҳәлледе  21,7 млрд. сумлық  121,0 километрлик жәми 357 көшеге 149,0 километрлик ишки топырақ жолларға қум шағыл-таслы араласпасын төсеў арқалы халықты қыйнап келген мәселелерге шешим табыў белгиленген.

Бир күнниң өзинде Ханжап ҳәм Тарақлы мәҳәллелериндеги ишки жолларды оңлаў жумыслары баслап жиберилди.

Әлбетте, бул басламаның тийкарғы идеясы ҳәм мақсети – халықтың машқалаларына шешим таўып, олардың бүгинги турмысынан разы болып жасаўын тәмийинлеў есапланады. Бул бағдардағы ийгиликли жумыслар шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги