Қарақалпақ халқының классик шайыры, сөз зергери Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл толыўы мүнәсибети менен Мойнақ районында да мәдений, руўхый-ағартыўшылық ҳәм абаданластырыў илажлары даўам етпекте.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң басшылығында райондағы мәкеме, кәрхана хызметкерлериниң қатнасыўында Әжинияз бабамыздың ҳақыйқый қәбирине баратуғын жолда абаданластырыў жумыслары қызғын алып барылмақта.

– Шайыр қәбирине ашылып атырған жол тереклер аллеясынан ибарат. Аллеяға кирип өкпеңиз таза ҳаўаға толады. Әтираптан тараған хош ийис кеўлиңизди ашады. Өзиңизди жәннет бағларына кирип баратырғандай сезинесиз. Алға басқан ҳәр қәдемиңизде қуслар сайрап Сизге жолдаслық етеди,-дейди районның 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң китапханашысы Фарида Қарабекова. – Әлбетте, бул жерде әмелге асырылып атырған қалыс ислер изсиз қалмайды. Бабамыздың руўхы шад болып, саўабы тийеди.

Бул жерде жумысшылар ушын ыссы аўқат өз ўақтында ҳәм басқа да шараятлар жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги