3-май күни Қатарда 23-жасқа шекемги футболшылар арасында өткерилген Азия кубоги өз жуӯмағына жетти.
Доха қаласындағы Жассим бин Ҳамад стадионында болып өткен финал ойынында Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы япониялы футболшылар менен ушырасты.
Ушырасыӯдың биринши таймында Өзбекстан сайланды командасы көбирек қәӯипли ҳүжимлер шөлкемлестиргени менен ойындағы есап ашылмады.
Екинши таймда да командамыз ағзалары топқа ийелик етиӯ бойынша үстинликке ийе болғаны менен Япония дәрӯазасына анық жол таба алмады. Керисинше, япониялылар тийкарғы ӯақытқа қосып берилген 90+1-минутта Абдувоҳид Неъматов дәрӯазасына гол урыӯға еристи.
Буннан соң Тимур Кападзе ойынды күшейтиӯ мақсетинде, майданға Диёр Холматовтың орнына Умарали Раҳмоналиев, Хусайн Норчаевтың орнына Отабек Жўрақўзиевты майданға түсирди. Команда қурамына жаңа күшлердиң түсирилиӯи Өзбекстан сайланды командасының ҳүжимлер санын көбейтти ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин япониялы қорғаӯшы қолы менен иркип қалды. Қорғаӯшының бул ҳәрекетин VAR жәрдеминде көрген ойын төрешиси Япония дәрӯазасы тәрепке пенальти белгиледи.
Бирақ, ушырасыӯдың 100-минутында Умарали Раҳмоналиев тәрепинен тебилген топты Лео Кокубо иркип қалыӯға еристи.
Бул пенальтиден соң да футболшыларымыз бир неше мәрте ҳүжимлер шөлкемлестирди. Лекин, бул күн әӯмет Япония сайланды командасы тәрепте болды ҳәм олар өз тарийхында 2-мәрте Азия кубогин қолға киргизиӯге миясар болды.
Ал, Өзбекстан сайланды командасына болса, және бир рет жарыстың гүмис медалы менен бирге Париж-2024 Олимпиада ойынларының жолламасы несип етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги