Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасқан БМШ Бас хаткериниӊ орынбасары, Европа экономикалық комиссиясыныӊ атқарыўшы хаткери Татяна Молчан Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине барды.

Ишки ислер министриниӊ орынбасары, генерал-майор Бекмурод Абдуллаев пенен ушырасыўда тәреплер Өзбекстан Республикасы менен Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиў, атап айтқанда, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында да жедел раўажланып атырғанын атап өтти.

2023-жыл ноябрь айында Баку қаласында болып өткен БМШ тыӊ Орайлық Азия экономикасы бойынша Арнаўлы бағдарламасыныӊ биринши саммитинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған басламаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, әмелий үгит-нәсиятлаў мәселелери додаланды.

Европа экономикалық комиссиясы менен мәмлекетимизде транспорт тараўыныӊ раўажланыўы, инновациялар, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм гендер теӊлиги мәселелери бойынша бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли тәреплери айрықша атап өтилди.

Өзбекстанда автомобиль жолларында қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы реформалар бойынша кеӊ түрде мағлыўмат берилди, сондай-ақ, келешектеги бирге ислесиў бағдарындағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА