«Өзбекстан Республикасының Бажыхана кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамға (ӨРҚ-748-санлы, 01.02.2022 ж.) Президент тәрепинен қол қойылды. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» хабар бермекте.

Киргизилген қосымшаларға муўапық, ўәкилликли экономикалық операторлардың (инсаплы сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына әпиўайыластырылған бажыхана тәртип-қағыйдаларынан пайдаланыў ҳуқықын бериў) ҳуқықый статусы Кодексинде белгиленди.

Кодекске реэкспорт, ўақтынша алып шығыў, реимпорт, ўақтынша алып кириў, жоқ етиў бажыхана режимлери ушын рухсатнама алыў талабы бийкар етилгенине байланыслы өзгерислер киргизилди.

Рухсатнама алыў тек ғана товарды бажыхана аймағынан тысқарыда қайта ислеў, бажыхана аймағында қайта ислеў бажыхана режимлеринде талап етиледи.

Кодекске транзит декларациясы түсиниги киргизилди, оған бола транзит декларациясы товарлар ҳәм (ямаса) транспортлар ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилген ҳалда бажыхана уйымына усынылатуғын ҳәм бажыхана аймағына алып кирилетуғын ҳәм Өзбекстан аймағы арқалы транзит алып өтилетуғын товарларды жибериўши бажыхана уйымынан товар келип түсетуғын бажыхана уйымына шекем қадағалаў ушын пайдаланылатуғын ҳүжжет болып есапланады.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен кейин күшке киреди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги