«Жаслар менен ислесиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға (ӨРН-747-санлы 25.01.2022 ж.) Президент тәрепинен қол қойылған.

Нызамға бола, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, сондай-ақ, пуқаралар Жаслар ислери агентлигин ҳәм оның аймақлық бөлимлерин жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин бузғаны, социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған ҳәм мәмлекеттиң социаллық жәрдемине мүтәж болған жас өспиримлер ҳәм шаңарақлар анықланғаны ҳаққында тез хабардар етеди.

Нызам менен Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң төмендегилер бойынша да өз ўәкилликлерин әмелге асыратуғыны белгиленди:

  • жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы;
  • ҳуқықбузарлықлар профилактикасы;
  • балаларды олардың денсаўлығына зыян жеткеретуғын мәлимлемеден қорғаў.

Нызам менен Агентлик жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы екени көрсетилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги