Елимизде мине бир неше жыллардан берли «Жас китапқумар» таңлаўы көтериңки руўхта өткерилип келинбекте. Бул илажлар жасларымыздың китапқа болған қызығыўшылығын арттырыўда, олар тәрепинен уллы илимпаз, жазыўшы ҳәм ағартыўшыларымыздың дөретиўшилик мийраслары кеңнен үйренилиўинде, жаслар арасында үгит-нәсиятланыўында өзиниң үлкен унамлы нәтийжелерин бермекте.

Быйылғы таңлаў да оғада көтериңкилик жағдайда басланып, таңлаўдың дәслепки бақышларында республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан оған мыңлаған жаслардың қатнасыўы тәмийинленип, жеңимпазлар анықланды.

Нөкис қаласындағы Жаслар орайында усы жыл 25-январь күни таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы басланды. Онда қатнасыўшылар 10-14, 15-19, 20-30 жас категориялары бойынша бөлинип өз-ара беллеспекте.

– Таңлаў шәртлерине муўапық, дәслепки «Көркем шығарма билимданы» шәртинде қатнасыўшылардан өзбек ҳәм жәҳән әдебиятына тийисли китаплардың мазмун-мәниси, идеясы ҳәм әҳмийетин түсиндириў талап етиледи,-дейди таңлаўдың бас төрешиси, «Ёшлик» журналы бас редакторы Нурилла Чори. – Бул шәртте қатнасыўшылар көркем шығарманың атамасын билет алыў арқалы таңлап алып, 1 минут даўамында таярланады ҳәм 2 минут даўамында жуўаплары тыңланады. Бул шәртте қатнасыўшылар 100 баллық системада баҳаланады. Екинши шәрт «Тез сораў-жуўап». Бул шәртте қатнасыўшыларға усынылатуғын әдебиятлар бойынша 5 сораўдан бериледи ҳәм 2 минут даўамында жуўаплары тыңланады. Бул шәртте 100 баллық системада баҳаланады.

Таңлаўда биринши орынды ийелегенлер ноутбук, диплом ҳәм кейинги басқышқа жоллама, ал, екинши орынды ийелегенлер планшет ҳәм диплом, үшинши орынды ийелегенлер телефон ҳәм диплом менен сыйлықланады.

Таңлаўдың биринши күнинде қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған 10-14 жас категориясындағы 34 жастың билимлери сынақтан өтти.

Жеңимпазлар анықланып, Нөкис қаласындағы 34-мектеп оқыўшысы Соҳибжон Гулбоев биринши орынды ийелеп, таңлаўдың кейинги басқышына жоллама алды. Нөкис қаласындағы 48-мектеп оқыўшысы Гүлжамал Кийикбаева екинши, Шоманай районындағы 19-мектеп оқыўшысы Гүлдана Жумабаева үшинши орынды ийеледи.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Турсынов таңлаў қатнасыўшыларын қутлықлап, жеңимпазлар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Таңлаў даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги