Көпшиликтиң хабары бар, қарақалпақ тилиндеги «Әлипбе» сабақлығын оқытыў бойынша муғаллимлер ушын баспадан шығарылған методикалық қолланбаның сыртқы бетиндеги «методикалық қолланба» сөз дизбегиниң орнына «усиликалық қолланба» деп жазылғаны социаллық тармақларда кең жәмийетшиликтиң кескин пикир-таласларын келтирип шығарды.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети усы жағдай бойынша рәсмий мүнәсибет жәриялады.

Онда атап өтилиўинше, 1-класслар ушын «Әлипбе» сабақлығын оқытыў бойынша муғаллимлер ушын методикалық қолланба Ш.Абдиназимов, Ж.Успанова, М.Тлеуова, Н.Сахиева ҳәм Х.Абдижаббаровалар тәрепинен жазылып, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайына 2021-жыл 16-декабрь сәнесинде электрон көринисте тапсырылған. Деген менен, методикалық қолланбаның сыртқы бети (обложкасы) авторларға көрсетилмеген ҳәм басып шығарыў барысында авторлардан келисим алынбаған.

Бул методикалық қолланба Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен көрип шығылмастан, ӨзРХБМ жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен туўрыдан-туўры Ташкент қаласындағы «Colorpak» баспасына басып шағарыў ушын усынылған.

Бүгинги күнде 1-класслар ушын «Әлипбе» сабақлығының методикалық қолланбасы район(қала)лық халық билимлендириў бөлимлеринен қайта жыйнап алынып, тийисли тәртипте қәте-кемшиликлерин сапластырыў ҳәм методикалық қолланбаның сыртқы бетин (обложкасын) қайтадан шығарыў жобаластырылмақта.

Хабарда жазылыўынша, усы методикалық қолланбаның сыртқы бетинде «Әлипбе методикалық қолланба» сөзи орнына «Әлипбе усиликалық қолланба» сөзи менен 1056 дана методикалық қолланба баспадан шығарылып, «Транспорт ҳәм логистика хызмети» мәмлекетлик унитар кәрханасының Қарақалпақстан филиалы тәрепинен район(қала)лық халық билимлендириў бөлимлерине тарқатылған.

Министрлик методикалық қолланбаны таярлаўда жуўапкершиликсиз қараған тийисли хызметкерлерге нызам шеңберинде интизамлы шара қолланылыўын мәлим еткен.

Хабарға қосымша етилиўинше, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыў-методикалық жумысларды шөлкемлестириў, мектеплерди сапалы оқыўлық, сабақлықлар менен тәмийинлеў, сабақлық ҳәм методикалық қолланбаларды жазыў ҳәм аўдармалаў бойынша қәнигелерди (авторларды) қәлиплестириў ҳәм сабақлық, оқыў-методикалық қолланбаларды баспадан басып шығарыў жумысларын шөлкемлестириў ўазыйпасы министрлик қурамындағы юридикалық статусқа ийе болған, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Билимлендириў орайының тийкарғы жумысы етип белгиленген.

Бүгинги күнде усы методикалық қолланбаның сыртқы бетинде «Әлипбе методикалық қолланба» сөзи орнына «Әлипбе усиликалық қолланба» сөзи менен баспадан шығарылыўы, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен Билимлендириў орайының мектеп сабақлықларын, методикалық қолланбаларды жазыў ҳәм баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў жумыслары бойынша хызмет тексериўи жүргизилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.