Усы жылдың 20-24-декабрь күнлери аралығында Ташкент қаласындағы «Универсал» спорт сарайында спорттың грек-рим гүреси ҳәм еркин гүрес түрлери бойынша Өзбекстан чемпионаты беллесиўлери болып өтпекте.

ҚР Туризм ҳәм спорт бас басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жарыстың дәслепки күни грек-рим гүреси бойынша бирнеше салмақ категориялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Қуўанышлысы, 87 кг салмақ категориясында қарақалпақстанлы палўан, Токио-2020 Олимпиадасының қатнасыўшысы Жалғасбай Бердимуратов Өзбекстан чемпионатында 1-орынды ийелеп, алтын белбеўди қолға киргизди.

Сондай-ақ, Жалғасбайға 10 миллион сум муғдарында ақшалай сыйлық гүўалығы да салтанатлы түрде тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.